Ийшая 59 bob

Гүна ҳәм жаза (1-8), Халықтың өз гүналарын мойынлаўы (9-15),Жаратқан Ийе халқын қутқармақшы (16-21).

1 Билип қойың, Жаратқан Ийениң қолы қутқара алмайтуғындай қысқа емес, Қулағы да еситпейтуғындай, аўыр емес.
2 Қылмысларыңыз Қудайыңыз бенен араңызға суўықлық салды, Гүналарыңыз Оның жүзин сизлерден жасырды, Сонлықтан Ол сизлерди еситпейди.
3 Қолларыңыз қан менен, Бармақларыңыз қылмыс пенен ҳарамланды. Аўзыңыз жалған айтып, Тилиңиз өтирик сөзлер сөйлейди.
4 Ҳеш ким әдилликке шақырмайды, Ҳеш ким ҳадал даўласпайды. Өзлериниң бос сөзлерине сүйенип, жалған сөйлейди, Бузғынлыққа ҳәмиледар болып, жаўызлық туўады.
5 Олар уўлы жыланның мәйегин қурық басады, Өрмекшиниң аўын тоқыйды. Олардың мәйегин жеген өледи, Сынған мәйектен зәҳәрли жылан шығады.
6 Аў тоқыған менен ҳеш нәрсеге ериспейди, Дүзген жобалары пайдасыз. Олардың ислери жарамас ислер, Қоллары зорлық қылар.
7 Аяқлары жаманлыққа жуўырар, Бийгүна қан төгиўге асығар. Ойлары жаўызлыққа толы, Талан-тараж ҳәм қырғын бар жолларында.
8 Сол жоллардан жүретуғынлар, Тынышлықтың не екенин билмейди. Әдалат жоқ жолларында, Өзлерине қыйсық жоллар иследи, Тынышлықтың не екенин билмейтуғынлар, Сол жоллардан жүреди.
9 Сонлықтан әдалат бизден узақта, Әдиллик бизге жетип келмеди. Нурды күтемиз, бирақ тек қараңғылық бар, Жақтылық излеймиз, бирақ түнекте жүремиз.
10 Соқырдың дийўалды сыйпалағанына уқсап, Көзли киби қармаланамыз, Күпә-күндиз ымырт жабылғандай сүрнигемиз, Күшлилер арасында өлидеймиз.
11 Ҳәммемиз айыўлар киби бақырамыз, Кептерлер киби шырылдаймыз. Әдалатты күттик, бирақ ол жоқ, Қутқарылыўды күттик, бирақ ол бизден алыста.
12 Алдыңда қылмысларымыз көп, Гүналарымыз бизге қарсы гүўалық бермекте. Қылмысларымыз көз алдымызда, Айыпларымызды өзимиз билемиз.
13 Бойсынбай, Жаратқан Ийени тәрк еттик, Қудайымыздан жүз бурдық, Зулымлық пенен сөйледик, бас көтердик, Жүрегимиз ҳәмиледар болған жалғанды сөйледик.
14 Әдалат шегинди, әдиллик узақта қалды. Ҳақыйқат қала майданында қулады, Ҳадаллық арамызға кире алмайды.
15 Ҳеш жерде ҳақыйқат жоқ, Зулымлықтан бас тартқан таланады.Жаратқан Ийе буны көрип, Әдалаттың жоқлығына қапа болды.
16 Жаратқан Ийе ҳеш кимниң жоқлығын көрди, Араласатуғын ҳеш кимниң жоқлығына ҳайран қалды. Өз қолы Оны жеңиске еристирди, Әдиллиги Оған сүйениш болды.
17 Ол әдилликти саўыт киби кийди, Қутқарылыў дуўлығасын басына кийди. Өш алыўды Ол кийим киби кийип алып, Ғәзепти шапан киби жамылды.
18 Ол ҳәр кимге исине жараса жаза береди. Душпанларына қәҳәрин төгип, Жаўларына жазасын тартқызады. Ҳәтте, шетки атаўларға да есесин қайтарады.
19 Батыстағылар Жаратқан Ийениң атынан, Шығыстағылар Оның даңқынан қорқады. Себеби Ол бурқасынлаған дәрьядай, Жаратқан Ийениң деми оны қуўып шығады.
20 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мен Әменгери сыпатында Сионға, Яқыптың урпақларының тәўбе қылғанларына келемен».
21 «Маған келсек, олар менен дүзетуғын келисимим мынаў: Саған берген Руўхым ҳәм аўзыңа салған сөзим бүгиннен баслап мәңгиге сениң де, балаларыңның да, балаларыңның балаларының да аўзынан түспейди», – дейди Жаратқан Ийе.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.