Ийшая 62 bob

Сионның таза аты (1-12).

1 Әдиллиги нур киби, Қутқарылыўы шом киби парлап жанбағанша, Сион ҳақы үндемей қалмайман, Ерусалим ҳақы тыныш турмайман
2 Миллетлер әдиллигиңди, Барлық патшалар уллылығыңды көреди. Сен Жаратқан Ийе Өз аўзы менен қоятуғын, Таза ат пенен аталасаң.
3 Сен Жаратқан Ийениң қолындағы гөззаллық гүлтажы, Қудайыңның қолындағы патшалық тажы боласаң.
4 Енди саған «Тәрк етилген», деп айтпас, Жериңди «Қаңырап қалған», деп атамас. Бирақ саған «Сүйиклим», Жериңе «Келиншегим», делинеди. Себеби Жаратқан Ийе сени сүйеди, Жериң де хожалықлы болады.
5 Жигиттиң қызға үйленгениндей, Улларың да саған ийелик етеди. Күйеўдиң келин ушын қуўанғаны сыяқлы, Қудайың да сен ушын қуўанады.
6 Ҳәй Ерусалим, дийўалларыңа гүзетшилер қойдым, Олар күни-түни үнсиз қалмас. Ҳәй, Жаратқан Ийени еске алыўшылар, Өзлериңизге тынышлық бермең.
7 Ерусалимди беккемлеп, Оны жер жүзиниң даңқы қылмағанша, Жаратқан Ийеге тынышлық бермең.
8 Жаратқан Ийе оң қолы, Қүдиретли қолы менен ант ишти: «Енди ғәллеңди душпанларыңа азық ушын бермеймен, Жат еллилер мийнетиң сиңген шарабыңнан ишпейди.
9 Зүрәәтин жыйнағанлар жеп, Жаратқан Ийеге алғыс айтады, Жүзимин жыйнағанлар, Мухаддес ҳәўлилеримде шарабын ишеди».
10 Келиңлер, келиңлер, дәрўазалардан шығыңлар! Қайтып киятырған халыққа жол таярлаңлар. Бийик етип жол салыңлар! Тасларды алып таслаңлар! Халықлар ушын байрақ тигиңлер!
11 Жаратқан Ийе жердиң төрт тәрепине жәриялады: «Қыз Сионға былай деп айтыңлар: „Мине, Қутқарыўшың киятыр! Оның сыйы жанында, инамы алдында!“»
12 Турғынларың «Жаратқан Ийе қутқарған мухаддес халық», деп аталады. Өзиң «Қудай излеп тапқан, тәрк етилмеген қала», деп аталасаң.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.