Ийшая 63 bob
1 – Эдомнан киятырған, Қырмызы кийим кийип, Босрадан киятырған бул ким? Сәнли кийимлер кийип, Уллы күш пенен қәдем басқан бул ким? – Әдиллик пенен сөйлейтуғын, Қутқарыўға күшим жететуғын бул Менмен.
2 – Искенжеде жүзим сығып атырған адамдики киби, Кийимиң не ушын қып-қызыл?
3 – Мен жалғыз өзим искенжеде жүзим сықтым, Жанымда халықлардан ҳеш бири болмады. Мен оларды ашыў менен басқылап, Ғәзеп пенен жеништим. Олардың қаны кийимлериме шашырап, Пүткил үсти-басымды ыласлады.
4 Мен халқымды қутқаратуғын жыл, Душпанларынан өш алатуғын күним келди деп уйғардым.
5 Мен нәзер салдым, көмекши жоқ еди, Сүйениш болатуғын ҳеш кимниң жоқлығына ҳайран қалдым. Сонда Өз қолым Маған жеңис сыйлады, Өз ғәзебим Мени қоллады.
6 Қәҳәрленип, халықларды аяққа бастым, Ғәзебим менен оларды мәс қылып, Қанын жерге төктим.
7 Жаратқан Ийениң сүйиспеншилигин, Оның алғысқа ылайықлы ислерин, Бизлерге көрсеткен барлық жақсылықларын, Уллы сүйиспеншилиги ҳәм мийрим-шәпәәти менен, Израил урпақларына көрсеткен уллы мийримин еске аламан.
8 Жаратқан Ийе: «Ҳаслында, олар Мениң халқым, Алдамайтуғын балаларым», – деп, Олардың Қутқарыўшысы болды.
9 Олар азап шеккенде, Ол қосылып қыйналды, Оннан келген периште оларды азат етти. Оларды Ол сүйиспеншилиги ҳәм мийрими менен қутқарды. Әзелден оларды қолына көтерип келди.
10 Бирақ олар бас көтерип, Оның Мухаддес Руўхын қапа қылды. Кейин Ол олардың душпанына айланып, Олар менен Өзи урысты.
11 Сонда Оның халқы әййемги күнлерин, Оның қулы Муўсаның күнлерин еследи: «Оларды Өз сүриўиниң шопанлары менен бирге, Теңизден өткерген қайда? Оларға Мухаддес Руўхын берген қайда?
12 Уллы қолын Муўсаның оң қолына берген, Өзиниң атын мәңги даңққа еристириў ушын, Олардың алдындағы суўды екиге айырған қайда?
13 Халқын теңиз түбинен алып өткен қайда?» Қуў далада шапқылаған ат киби, Сүрникпестен өткен еди олар.
14 Отлы ойпатлыққа түсип атырған пада киби, Олар Жаратқан Ийениң Руўхынан рәҳәтленди. Өз атыңды даңққа еристириў ушын, Өз халқыңды усылай жетеклеп жүрдиң.
15 Жаратқан Ийе, көклерден қарап, Өзиңниң мухаддес ҳәм даңқлы орныңнан нәзер сал! Сениң қызғанышың ҳәм күшиң қайда? Жанашырлығың ҳәм мийримиңди бизден жырақ туттың.
16 Сен бизлердиң Әкемизсең ғой! Ибрайым бизлерди тән алмаса да, Израил бизлерди қабыл алмаса да, Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Әкемизсең, Әзелден атың «Әменгеримиз» болды.
17 Жаратқан Ийе, не ушын Сен бизлерди Өз жолыңнан узақластырып, Өзиңнен қорқпаўымыз ушын, жүреклеримизди қаталластырдың? Өз қулларың ҳақы, Мийрасың болған урпақлар ҳақы изге қайта гөр!
18 Мухаддес халқың аз ўақыт мухаддес орныңды ийелик етти, Бирақ душпанларымыз Ибадатханаңды аяқ асты қылды.
19 Бизлер Сен ҳеш қашан ҳүкимдарлық қылмаған, Сениң атың менен аталмаған, Халыққа уқсап қалдық.