Ийшая 64 bob

1 Жаратқан Ийе, көклерди жарып, төменге түскениңде еди! Алдыңда таўлар титиресер еди!
2 Атыңды душпанларға таныт. Жалынның отынды жандырып, суўды қайнатқанындай, Миллетлерди алдыңда қалтырат!
3 Бизлер күтпеген таң қаларлық ислерди ислегениңде, Жерге түстиң, алдыңда таўлар титиреди!
4 Өзинен үмит еткенлер ушын, Сондай ислерди ислеген жалғыз Қудай Сенсең. Сеннен басқа қудайды әзелден қулақ та еситпеген, көз де көрмеген.
5 Туўры ислерди шадлық пенен ислеп, Сениң жолларыңды ядында тутқанларды қарсы аласаң. Бирақ бизлер гүна иследик, Сен ғәзеплендиң. Бизлер әзелден гүнаға батқанбыз, Енди қалай бизлер қутқарыла аламыз?
6 Ҳәммемиз ҳарам адамдай болдық, Туўры ислеримиз де патасланған кийимге уқсайды. Ҳәммемиз жапырақ киби солып атырмыз, Гүналарымыз бизди самалдай ушырып әкетип баратыр.
7 Сениң атыңды айтып шақырған, Саған өзин толық бағышлаған ҳеш ким жоқ. Сонлықтан Сен бизлерден жүзиңди жасырып, Бизлерди гүналарымыз ҳүкимине тапсырдың.
8 Сонда да, Жаратқан Ийе, Сен бизлердиң Әкемизсең-ғо! Бизлер ылай, Сен – гүлалшымызсаң. Ҳәммемиз Сениң қолыңнан шыққанбыз.
9 Жаратқан Ийе, бизге қатты ғәзепленбе, Қылмысларымызды бәрқулла ядта сақлама. Бизге нәзер сала гөр, жалбарынаман, Ҳәммемиз Сениң халқыңбыз.
10 Мухаддес қалаларың шөлге айланды, Ҳәтте, Сион да шөлге айланды, Ерусалим қаңырап босап қалды.
11 Мухаддес ҳәм даңқлы Ибадатханамыз, Ата-бабаларымыз Саған мақтаў айтқан орын, Өртеп жиберилди. Биз қәдирлеген нәрселер, Ўайран болды.
12 Жаратқан Ийе, сонда да, Өзиңди тутып тура бересең бе? Үндемей, бизлерге шексиз азап бере бересең бе?


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.