Ийшая 7 bob

Патша Ахазға берилген белги (1-25).

1 Уззияның ақлығы Иотамның улы Ахаз Яҳудаға патшалық қылған дәўирде Арам патшасы Ресин менен Израил патшасы Ремалия улы Пеқах Ерусалимге урыс ашты, бирақ басып ала алмады.
2 Даўыттың урпағы Арамның Эфрайым менен бирлескенин еситкенде, Ахаздың ҳәм оның халқының жүреги тоғайдағы даўыл тербеткен тереклер киби шайқалып, дирилдеди.
3 Сол арада Жаратқан Ийе Ийшаяға былай деди: – Улың Шеар-Яшуб пенен бирге кир жуўыўшының атызына баратуғын жолдағы, Жоқарғы ҳаўызға суў қуйылатуғын жерге барып, Ахазды қарсы ал.
4 Оған былай деп айт: «Абайлы бол, тынышлық сақла, қорқпа! Пысқып, шала жанып турған еки отын қалдығынан – Арам патшасы Ресинниң ҳәм Ремалияның улының лаўлаған ғәзебинен руўхың түспесин.
5 Арам Эфрайым ҳәм Ремалияның улы менен саған қарсы жаман жоба дүзип:
6 „Келиң, Яҳудаға шабыўыл жасайық, оны қорқытып, басып алайық ҳәм Табеелдиң улын патша етип қояйық“, – дейди.
7 Бирақ Қудай Ийе былай дейди: „Бул әмелге аспайды, Жүз бермейди де,
8 Дамаск тек Арамның пайтахты, Ресин болса тек ғана Дамасктиң басы. Эфрайым алпыс бес жыл ишинде халық болыўдан қалады.
9 Самария тек Эфрайымның пайтахты, Ал Ремалияның улы болса тек ғана Самарияның басы. Егер исенимиңизде беккем турмасаңыз, Сизлер де ҳеш қашан беккем тура алмайсыз“».
10 Жаратқан Ийе Ахазға қайтадан:
11 «Қудайың Жаратқан Ийеден белги сора. Белги өлилер мәканынан тереңде, аспаннан бийикте болса да сорай бер», – деди.
12 Бирақ Ахаз: «Мен сорамайман, Жаратқан Ийени сынамайман», – деди.
13 Сонда Ийшая былай деди: «Онда тыңлаң, ҳәй Даўыттың урпақлары! Адамлардың шыдамын сынағаныңыз аз болғандай, енди Қудайымның да шыдамын сынамақшымысыз?
14 Солай етип, Ийениң Өзи сизлерге белги береди: Мине, қыз ҳәмиледар болып ул туўады ҳәм оның атын Иммануел деп қояды.
15 Ол жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, қатық ишип, пал жейди.
16 Себеби бала жаманнан қашып, жақсыны таңлай билемен дегенше, сени қорқытқан сол еки патшаның жери шөлге айландырылады.
17 Бирақ Жаратқан Ийе Ассирия патшасы арқалы сениң, халқыңның ҳәм ата-бабаларыңның урпақларының басына Эфрайымның Яҳудадан айырылған күнинен бери болып көрилмеген аўыр күнлерди салады.
18 Сол күни Жаратқан Ийе Мысыр дәрьяларының аяқ ушларындағы шыбынларды ҳәм Ассирия жерлериндеги ҳәррелерди ысқырып шақырады.
19 Олар ушып келип, дәрья жағасындағы ойпатлықларға, жартаслардың жарықларына, барлық тикенекли путаларға ҳәм барлық жайлаўларға орналасып алады.
20 Сол күни Ийемиз Евфрат дәрьясының арғы жағынан жаллап алынған пәки – Ассирия патшасы арқалы шашыңызды, аяқларыңыздағы түклерди, ҳәтте, сақалларыңызды да алып таслайды.
21 Сол күн келгенде ким де ким бир қашар ҳәм еки қойды сақлап қала алса,
22 олар берген мол сүттен, сол адам қатық ишеди. Елде қалған ҳәр бир адам қатық ишип, пал жейди.
23 Сол күни баҳасы мың гүмис шекел болған мың жүзим нәли отырғызылған ҳәр бир бағды шат тикен ҳәм жантақ қаплап кетеди.
24 Пүткил елди тикен ҳәм жантақ қаплап кеткенликтен, адамлар ол жерге оқ жай ҳәм оқлары менен аңға келеди.
25 Бир ўақытлары ислеў берип пайдаланған төбешиклердиң ҳеш бирине енди тикен ҳәм жантақлардан қорқып, бара алмайсызлар. Ол жерлер сыйыр бағылып, қой басқылайтуғын жерге айланады».


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.