Ийшая 8 bob

Ассирия патшасының урысы (1-10), Жаратқан Ийениң ескертиўи (11-22).

1 Жаратқан Ийе маған: «Үлкен бир тахта ал да, оған анық етип: „Маҳер-Шалал-Хаш-Баз“ деп жаз.
2 Мен руўханий Урия менен Еберехия улы Зехарияны исенимли гүўалар етип тайынлайман», – деди.
3 Кейин мен пайғамбар ҳаялым менен жаттым. Ол ҳәмиледар болып, ул туўды. Сонда Жаратқан Ийе маған: «Атын Маҳер-ШалалХаш-Баз қой.
4 Бала „аға, апа“ деп айтып үлгерместен алдын, Ассирия патшасы Дамасктиң байлығын ҳәм Самариядан тартып алған олжаларын алып кетеди», – деди.
5 Жаратқан Ийе сөзин даўам етип маған былай деди:
6 «Бул халық тыныш ағып турған Шилоах суўларынан ўаз кешип, Ресин ҳәм Ремалияның улына қуўанды.
7 Сонлықтан, Ийеңиз болған Мен Евфраттың мол ҳәм бурқасынлаған суўын – Ассирия патшасын ҳәм оның пүткил қүдиретин үстиңизге баслап келмектемен. Ол барлық кәнарларынан шығып, пүткил жағаны басып кетеди.
8 Суў тасқыны Яҳуданы басып, алқымына келеди. Иммануел, оның жайылған қанатлары пүткил елиңди қаплайды!»
9 Ҳәй халықлар, жыйналыңлар, набыт боласызлар! Қулақ түриңлер, ҳәй узақтағы еллердиң ҳәммеси! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар! Беллериңизди буўыңлар, бирақ набыт боласызлар!
10 Бирге мәсләҳәт қурың, бирақ ол пушқа шығады. Сөз сөйлейсиз, бирақ ол әмелге аспайды. Себеби Қудай бизлер менен бирге!
11 Жаратқан Ийениң күшли қолы үстимде болып, бул халықтың жолынан жүрмеўди қатаң ескертип, маған былай деди:
12 «Бул халықтың тил бириктириў деп атағанының ҳеш қайсысын, Тил бириктириў деп атамаң. Олар қорққан нәрседен қорқпаң, ҳүрейиңиз де ушпасын.
13 Әлемниң Жаратқан Ийесин мухаддес деп ҳүрмет қылың. Оннан қорқың, Оннан зәрреңиз ушсын,
14 Ол мухаддесхана болады. Бирақ Израилдың еки патшалығы ушын, Ол сүрниктиретуғын тас, жығылтатуғын жартас, Ал Ерусалим турғынлары ушын, Дузақ ҳәм тор болады.
15 Олардың көпшилиги сүрнигип, жығылып, мылжа-мылжа болады, Дузаққа түсип, тутқын болады».
16 Бул хабарды жазып, орап байлансын ҳәм шәкиртлерим арасында тәлиймат мөрленип алып қойылсын.
17 Мен жүзин Яқыптың урпақларынан жасырған Жаратқан Ийени күтемен, Үмитим тек Оннан.
18 Мине, мен ҳәм Жаратқан Ийе маған берген перзентлер Сион таўында мәкан қурған Әлемниң Жаратқан Ийесиниң Израилдағы нышаны ҳәм белгиси.
19 Биреўлер сизлерге: «Сыбырлап ҳәм сандырақлап әрўақларды ҳәм руўхларды шақырыўшылардан сораң. Халық өз қудайларынан сораўы керек емес пе? Тирилер ушын өлилерден сораў керек емес пе?» – дейди.
20 Қудайдың тәлийматына ҳәм хабарына жүз бурың! Егер ким де ким буларға сай сөйлемесе, ол жерде таң нуры болмайды.
21 Ол аш ҳәм әбигер болып бул жер бойлап, посып жүреди. Олар аш болғанда, ғәзепленип, өз патшасын ҳәм өз Қудайын нәлетлейди. Олар жоқарыға қараса да,
22 жерге қараса да, тилекке қарсы, тек қайғы-ҳәсирет, қараңғылық ҳәм қорқынышлы түнекти көреди ҳәм қойыў қараңғылыққа шүмип кетеди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.