Ийшая 9 bob

Тынышлық патшасы (1-7), Жаратқан Ийениң Израилға қарсы ғәзеби (8-21).

1 Деген менен, қайғы ишиндегилер қойыў қараңғылықта болмайды. Бурын Ийемиз Зебулон ҳәм Нафталий жерлерин масқара қылған еди, ал келешекте Иорданның арғы тәрепиндеги теңизге баратуғын жол бойындағы басқа миллетлер жасайтуғын Галиланы даңққа бөлейди.
2 Түнекте жүрген бул халық, Уллы нурды көрди, Терең қараңғылық елинде жасағанлардың, Үстине нур шашылды.
3 Жаратқан Ийе, Сен миллетлерди көбейттиң, Олардың қуўанышын арттырдың. Олар жыйын-терим ўақтында қуўанғандай, Олжа бөлисип атырғанда шадланғандай, Сениң алдыңда қуўанышқа бөленеди.
4 Мидянларды жеңген күндеги сыяқлы, Сен олардың аўыр мойынтырығын, Жаўырынына тийетуғын жуўан таяқты, Езиўшилердиң қолындағы қамшыны сындырдың.
5 Әскерлердиң саўашта кийген етиклери, Қанға былғанған барлық кийимлери, Жағып жиберилип, отқа жем болады.
6 Себеби бизлер ушын бир нәресте туўылды, Бир ул инам етилди! Ҳүкимдарлық оның желкесине жүкленеди, Оның аты: Әжайып Мәсләҳәтши, Күшли Қудай, Мәңгилик Әке, Парахатшылық Шаҳзадасы болады.
7 Оның ҳүкимдарлығы тынымсыз өсип, Тынышлық шексиз ҳүким сүреди. Ол Даўыттың тахтына отырып, Оның патшалығында ҳүкимдарлық етеди. Ҳәзирден баслап мәңгиге, Әдалатлық ҳәм туўрылық пенен, Патшалықты тастыйықлап, беккемлейди, Әлемниң Жаратқан Ийеси жан күйдирип, Буны иске асырады.
8 Ийемиз Яқыпқа қарсы сөз жиберди, Ол Израилға келип түсти.
9 Пүткил халық – Эфрайым ҳәм Самария турғынлары буны билди. Бирақ олар менменлик ҳәм тәкаббирлик пенен былай дейди:
10 «Гербиш пенен салынған үйлер қулады, Орнына жонылған таслардан үй қурамыз, Жабайы әнжир ағашлары кесип тасланды, Орнына кедр ағашларын тигемиз».
11 Солай етип, Жаратқан Ийе Ресинниң душпанларын, Оларға қарсы қозғап, Душпанларды ҳәрекетке келтирди.
12 Шығыстан арамлар, батыстан филистлер, Аўзын ашып, Израилды жутып жиберди. Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы созылыўын даўам етер.
13 Халық өзлерин жазалағанға жүз бурмады, Әлемниң Жаратқан Ийесин излемеди.
14 Сонлықтан Жаратқан Ийе Израилдың басын да, қуйрығын да, Пальма ағашларының шақаларын да, қамысын да, Бир күнде кесип таслайды.
15 Ақсақаллар ҳәм абырайлы адамлар – бул бас, Жалған пайғамбарлар – бул қуйрық.
16 Жол көрсеткенлер бул халықты адастырды, Оларға ергенлер басы берик көшеге кирип қалды.
17 Сонлықтан Ийемиз олардың жаслары ушын қуўанбас, Жетим ҳәм жесирине жаны ашымас. Себеби ҳәр бири қудайсыз ҳәм жаўыз, Ҳәммесиниң аўзынан ақмақ сөз шығар. Бирақ, сонда да, Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы созылыўын даўам етер.
18 Жаўызлық от киби жанып, Тикен ҳәм жантақларды жалмап жиберер, Тоғайдағы қалың ағашларды от алып, Түтин сүтин болып әласпанға көтерилер.
19 Әлемниң Жаратқан Ийесиниң ғәзебинен жер жанар, Адамлар от ушын отын болып, Ҳеш ким туўысқанын аямас.
20 Олар оң тәрептен тутып жер, бирақ ашлығы басылмас, Шеп тәрептен алып жер, бирақ қарны тоймас. Ҳәр ким өз жақынының етин жер.
21 Менашше Эфрайымның, Эфрайым Менашшениң етин жер, Кейин екеўи биригип, Яҳудаға ҳүжим етер. Бирақ, сонда да Жаратқан Ийениң ғәзеби басылмас, Қолы созылыўын даўам етер.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.