Даниел 10 bob

Даниелдиң Тигр дәрьясының бойында көрген аяны (1-21).

1 Персия патшасы Кирдиң патшалығының үшинши жылында, Белтешассар деп аталған Даниелге бир аян баян етилди. Келешекте жүз беретуғын күшли саўашқа байланыслы болған бул хабар ҳақыйқат. Даниел бул хабарды аян арқалы түсинди.
2 Сол ўақытта мен, Даниел үш ҳәпте аза тутып жүрдим.
3 Үш ҳәпте даўамында ҳеш қандай тойымлы аўқат жемедим, гөш пенен шарапты аўзыма да алмадым ҳәм май сүртпедим.
4 Биринши айдың жигирма төртинши күни мен уллы дәрьяның, яғный Тигр дәрьясының бойында турған едим.
5 Сонда мен үстинде зығырдан тоқылған ақ кийими, белинде таза алтыннан исленген белбеўи бар биреўди көрдим.
6 Оның денеси сары яқыт сыяқлы жарқырап, жүзи шақмақ жалынындай, көзлери шомдай болып жанып турған еди. Оның аяққоллары жылтыр қоладай жылтырап, даўысы аламан халықтың даўысындай жаңғырып туратуғын еди.
7 Аянды жалғыз мен көрдим. Жанымдағылар аянды көрмесе де, олардың зәррелери ушқаны соншелли, олар қашып, жасырынып алды.
8 Сонда мен бир өзим қалдым. Сол уллы аянды көрип атырғанымда, ҳәлсизленип, жүзим қуўарып, диңкем де қалмаған еди.
9 Сонда периштениң даўысын еситтим. Даўысты еситкенимде есимнен аўып, ет-бетимнен жерге жығылдым.
10 Сонда бир қол маған тийип, мени көтерип, қол ҳәм дизелериме турғызып қойды.
11 Сол периште маған: – Ҳәй, Даниел, сен Қудайдың сүйикли бендесисең. Қәне, тур! Саған айтатуғын сөзлериме жақсылап қулақ сал, өйткени ҳәзир мен сениң алдыңа жиберилгенмен. Ол маған усы сөзлерди айтып атырғанда, мен қалтырап орнымнан турдым.
12 Ол сөзин даўам етип, былай деди: – Қорқпа, Даниел! Сен бул хабар ҳаққында түсиник алыўды нийет етип, Қудайыңның алдында өзиңди кишипейил тутқан күниңнен-ақ сениң дуўаң қабыл етилди. Дуўаларыңа жуўап бериў ушын алдыңа келдим.
13 Бирақ Персия патшалығының ҳүкимдары жигирма бир күн даўамында маған қарсы турды. Мен Персия патшаларының ишинде жалғыз қалғанымда, бас периштелердиң бири Михаил маған жәрдемге келди.
14 Мен саған келешекте халқыңның басына түсетуғын нәрселерди түсиндириў ушын келдим. Бул аян сол күнлер ҳаққында.
15 Ол усы сөзлерди айтып атырғанда, мен басымды ийип, үнсиз турған едим.
16 Соннан соң адам баласына уқсаған биреў еринлериме қолын тийгизди. Сонда мен де аўзымды ашып, алдымда турғанға былай дедим: – Мырзам, бул аян мени қатты қыйнап жиберди, диңкем қурыды.
17 Мендей бир қулың қалайынша мырзам менен сөйлесе алады? Ҳалым қалмаған, демим тығылып, зорға дем алып атырман.
18 Сонда адам улына уқсаған сол биреў және бир мәрте қолын тийгизип, маған күш бағышлап,
19 былай деди: – Ҳәй, Қудайдың сүйикли бендеси, қорқпа! Саған тынышлық болсын! Күшли бол, аўа, күшли бол! Ол маған сөйлеп атырғанда, маған күш-қуўат енип: – Мырзам, сиз маған күш-қуўат бердиңиз, енди айта бериң, – дедим.
20 Ол маған: – Сениң алдыңа не ушын келгенимди билесең бе? Енди мен Персия патшалығының ҳүкимдары менен урысыўға қайтып бараман. Бирақ мен кеткеннен кейин, Грек патшалығының ҳүкимдары келеди.
21 Бирақ дәслеп ҳақыйқат китабында не жазылғанын саған айтып беремен. Оларға қарсы гүресте маған сизлердиң ҳүкимдарыңыз Михаил периштеден басқа ҳеш ким жәрдем бермейди, – деди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.