Санлар 21 bob

Арад қаласының жоқ қылыныўы (1-3). Мыстан соғылған жылан (4-9). Моабқа қарай жол (10-20). Патша Сихон ҳәм патша Огтың жеңилиске ушыраўы (21-35).

 
1 Негебте жасап атырған қананлы Арад патшасы израиллылардың Атарим жолынан киятырғанынан хабар тапқанда, оларға ҳүжим қылып, олардың базыларын тутқынға алды.
2 Сол себепли израиллылар Жаратқан Ийеге: «Егер Сен бул халықты бизлерге тәслим қылсаң, олардың барлық қалаларын Саған бағышлап, толығы менен жоқ етемиз», – деп ўәде берди.
3 Жаратқан Ийе израиллылардың жалбарынған даўысын еситти ҳәм қананлыларды оларға тәслим қылды. Израиллылар оларды қырып таслап, қалаларын толығы менен жоқ қылды. Кейин ала сол жерге Хорма деген ат берилди.
4 Израил халқы Ҳор таўынан шығып, Эдом елин айланып өтип кетиў ушын, Қамыс теңизине баратуғын жол менен жүрип кетти. Бирақ халық жолда кетип баратырып, және сабырсызлық қылды.
5 Олар Қудайға ҳәм Муўсаға қарсы налып: – Не ушын бизлерди Мысырдан алып шықтыңыз? Шөлде өлип кетиўимиз ушын ба? Бул жерде нан да, суў да жоқ. Ал мына жеркенишли маннадан болса кеўлимиз айнып кетти! – деди.
6 Сонда Жаратқан Ийе халық арасына зәҳәрли жыланлар жиберди. Жыланлар израиллыларды шақты ҳәм олардан көп адамлар өлди.
7 Халық Муўсаның алдына келип: – Жаратқан Ийеге ҳәм саған қарсы сөйлеп, бизлер гүна қылдық. Бизлердиң арамыздан жыланларды жоқ қылыўын айтып, Жаратқан Ийеге жалбарынып, дуўа қыл, – деди. Солай етип, Муўса халық ушын дуўа етти.
8 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бир жылан ислеп, оны бақан үстине орналастыр. Жылан шаққан ҳәр бир адам оған қараса, тири қалады, – деди.
9 Солай етип, Муўса мыстан бир жылан ислеп, оны бақанның үстине орналастырды. Жылан шаққан адамлар мыс жыланға қарағанда, олар өлмей, тири қалды.
10 Израил халқы жолын даўам етип, Оботқа орналасты.
11 Соннан соң, олар Оботтан шығып, Моабтың шығыс тәрепиндеги шөлге, Ийе-Абаримге орналасты.
12 Ол жерден де шығып, Зеред дәрьясында тоқтады.
13 Кейин олар сол жерден шығып, амор халқының шегарасына дейин созылған шөлде, Арнон дәрьясының арғы жағасында тоқтады. Арнон дәрьясы Моаб пенен Амор елиниң арасындағы шегара еди.
14 Жаратқан Ийениң Саўашлары китабында Суфа жерлериндеги Ўаҳеб қаласы, сайлар, және де, Арнон дәрьясы,
15 Ар қаласына дейин ҳәм Моаб шегарасы бойлап созылған таў жанбаўырлардағы сайлар ҳаққында сөз етиледи.
16 Сол жерден Израил халқы Беер деген жердеги қудыққа жол алды. Бул қудықтың қасында Жаратқан Ийе Муўсаға: «Халықты бир жерге жыйна, Мен оларға суў беремен», – деп айтқан еди.
17 Сол ўақытта израиллылар мына қосықты айтты: «Суўларың толып тассын, ҳәй, қудық! Қудыққа арнап қосық айтың.
18 Бул қудықты қазды басшылар менен халық көсемлери, Ҳүкимдарлық ҳаса ҳәм ҳаса таяқлары менен қазған еди». Соннан соң, олар шөлден Маттанаға,
19 Маттанадан Наҳалиелге, Наҳалиелден Бамотқа,
20 Бамоттан Моаб жерлериндеги ойпатлыққа, шөлге қарама-қарсы болған Писга таўының етеклерине кетти.
21 Израиллылар Амор патшасы Сихонға елшилери арқалы мына хабарды жиберди:
22 «Елиңизден өтип кетиўимизге рухсат берсеңиз. Бизлер атызларыңызға ҳәм жүзим бағларыңызға кирмеймиз ҳәм ҳеш бир қудықтан суў ишпеймиз. Шегараңыздан өтип кеткенше, Патша жолынан жүрип, жолымызды даўам етемиз».
23 Деген менен, Сихон өз ели арқалы израиллылардың өтип кетиўине рухсат бермеди. Ол израиллылар менен урысыў ушын пүткил ләшкерлерин жыйнап, шөлге қарай шықты. Яҳас қаласына жетип барып, израиллыларға қарсы ҳүжим қылды.
24 Урыста израиллылар Сихонды қылыш жүзинен өткерип, оларды жеңилиске ушыратты ҳәм Арнон дәрьясынан Яббоқ дәрьясына шекемги барлық жерлерди ийелеп алды. Бирақ аммон халқының шегарасынан арман қарай өтпеди, себеби Аммон елиниң шегарасы беккем еди.
25 Израиллылар Хешбон ҳәм оның дөгерегиндеги аўыллар менен бирге амор халқының барлық қалаларын қолға киргизип, сол жерлерде жасай баслады.
26 Хешбон амор халқының патшасы Сихонның қаласы еди. Сихон Моабтың алдынғы патшасына қарсы саўаш ашып, оның Арнон дәрьясына дейин созылған жерлерин басып алған еди.
27 Соның ушын, жыраўлар былай деп жырлап жүрди: «Хешбонға келиң, оны қайта қурың, Сихонның қаласын беккем қылың,
28 Хешбоннан от жалыны шықты, Сихонның қаласынан от лаўлап шықты, Моабтың Ар қаласын, Арнон төбешиги хожайынларын жағып жоқ етти.
29 Ҳәсирет болсын саған, ҳәй Моаб халқы! Кемош қудайының халқы жоқ болдың! Кемош өз улларын қашқын қылды, Қызларын болса Амор патшасы Сихонға тутқын қылды.
30 Оларды жеңилиске ушыраттық, Хешбоннан Дибонға дейин ҳәммесин жоқ қылдық. Медебаға созылған Нофахқа дейин оларды ўайран қылдық».
31 Солай етип, Израил халқы амор халқының елинде жасай баслады.
32 Муўса Язерди көзден өткериў ушын адамларын жиберди. Кейин израиллылар Язер дөгерегиндеги аўылларды басып алып, ол жерде жасап атырған амор халқын қуўып жиберди.
33 Соннан кейин, олар бурылып, Башанға қарай жол алды. Башан патшасы Ог барлық ләшкерлери менен израиллыларға қарсы урысыў ушын, Эдрейде олардың қарсы алдынан шықты.
34 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға: – Оннан қорқпа! Себеби оны ҳәм оның ләшкерлери менен елин саған тәслим қыламан. Амор халқының Хешбонда жасаған патшасы Сихонға не ислеген болсаң, оған да соны ислейсең, – деди.
35 Солай етип, Израил халқы ҳеш кимди аман қалдырмастан, Ог пенен оның балаларын ҳәм ләшкерлерин қырып таслады. Кейин олар Огтың елин ийелеп алды.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.