Санлар 25 bob
1 Израиллылар Шиттимде орналасып турғанда, олардың еркеклери моаблы ҳаяллар менен бузықшылық қыла баслады.
2 Моаблы ҳаяллар израиллыларды өз қудайларына арнап беретуғын қурбанлыққа мирәт етти. Израил халқы олардың қурбанлық гөшлеринен жеди ҳәм олардың қудайларына табынды.
3 Солай етип, Израил халқы Пеордағы Баалға байланып қалды. Сол себептен Жаратқан Ийениң оларға ғәзеби қайнады.
4 Жаратқан Ийе Муўсаға: – Бул халықтың барлық басшыларын әкелип, оларды күндиз Мениң алдымда асып қой. Усылай етип, Мениң Израил халқына болған ғәзебим түссин, – деди.
5 Сонда Муўса Израил басшыларына: – Ҳәр бириңиз Пеордағы Баалға байланып қалған адамларыңызды өлтириң, – деп буйрық берди.
6 Жәмийет Ушырасыў шатырының алдында жылап турғанда, израиллы бир адам мидянлы бир ҳаялды Муўсаның ҳәм Израил жәмийетиниң көз алдында өз шатырына алып кирген еди.
7 Буны көрген Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас жәмийет арасынан шығып, қолына бир найза алды.
8 Пинехас израиллы сол адамның изинен барып, шатырға кирди де, найзаны екеўине де қадады. Найза израиллы сол адамның денесин тесип өтип, мидянлы сол ҳаялдың қарнына кирген еди. Солай етип, Израил халқын жоқ етип атырған оба тоқтады.
9 Бул обадан өлгенлердиң саны 24 000 адам еди.
10 Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
11 – Руўханий Харонның ақлығы, Элазар улы Пинехас Израил халқына болған ғәзебимди қайтарды. Өйткени ол халықтың арасында Мениң ушын уллы қызғаншақлық көрсетти. Сол себепли, Мен Өз қызғаншақлығым менен оларды пүткиллей жоқ қылмадым.
12 Сен оған былай деп айт: Мен Пинехас пенен тынышлық келисимимди дүземен.
13 Бул келисим бойынша Пинехас ҳәм оның әўлады мәңги руўханий болады. Себеби ол Қудайы ушын қызғаншақлық қылып, Израил халқынан Мениң ғәзебимди қайтарды.
14 Мидянлы ҳаял менен бирге өлтирилген израиллы адамның аты Салу улы Зимрий еди. Ол Шимон урыўындағы бир әўладтың басшысы еди.
15 Ал өлтирилген ҳаял болса, мидянлы бир тийрениң басшысы болған Сурдың қызы Козбий еди.
16 Жаратқан Ийе Муўсаға:
17 – Мидян халқын душпан деп бил ҳәм оларды қырып тасла.
18 Өйткени олар сизлерге қарсы сумлық ойлап, сизлерди Пеорда жалған қудайларға табындырды ҳәм өзлериниң туўысқаны болған мидянлы тийре басшысының қызы Козбий арқалы азғырыўға салып, душпанлық қылды. Бул ҳаял Пеорда оба тарқалған ўақытта өлтирилген еди, – деди.