Матта 23 bob
1 Сонда Ийса халыққа ҳәм Өзиниң шәкиртлерине былай деди:
2 – Муўсаның орынлығына диний муғаллимлер менен парисейлер отырды.
3 Сонлықтан олардың сизлерге айтқанларының ҳәммесин де орынлаңлар. Бирақ, олардың ислегенин ислемеңлер. Себеби олар айтады, бирақ айтқанларын өзлери ислемейди.
4 Олар көтере алмайтуғын аўыр жүклерди байлап, адамлардың ийинлерине жүклейди. Ал өзлери оларды бармағы менен де қозғағысы келмейди.
5 Олар барлық ислерин адамлардың көзине түсиў ушын ғана ислейди. Маңлайларына ишлеринде Мухаддес Нызам аятлары жазылған қутыларын үлкен етип байлап, кийимлериниң шашақларын узын етип қояды.
6 Олар тойларда төрде, мәжилисханаларда сыйлы орында отырыўды жақсы көреди.
7 Базарда адамлардың өзлерине сыйлап сәлем бериўин ҳәм өзлерин «устаз» деп атаўын унатады.
8 Ал сизлер өзлериңизди «устаз» деп ататпаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Устазыңыз бар. Сизлердиң бәриңиз бир-бириңизге туўысқансыз.
9 Жер жүзинде ҳеш кимди де «әке» деп атамаңлар, өйткени сизлердиң жалғыз-ақ Әкеңиз бар, Ол аспанда.
10 Өзлериңизди «жолбасшы» деп те ататпаңлар, себеби сизлердиң жалғыз-ақ жолбасшыңыз бар, Ол – Масих.
11 Араңыздағы ең уллыңыз сизлердиң хызметшиңиз болсын.
12 Өйткени ким де ким өзин жоқары тутса, ол пәслетиледи, ким де ким өзин пәс тутса, ол жоқары болады.
13 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Себеби сизлер адамларға Аспан Патшалығының есигин жабасызлар. Өзлериңиз де кирмейсизлер, киргиси келгенлерди де киргизбейсизлер. [ 14 ]
14 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер өз диниңизге бир адамды болса да енгизиў ушын теңизди де, қурғақлықты да айланып шығасызлар. Егер биреў енген болса, оны өзлериңизден де еки есе жаман дозақы қыласызлар.
15 Ҳәсирет шегесизлер, соқыр жетелеўшилер! Сизлер былай дейсизлер-ғо: «Ким де ким Ибадатхана менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким Ибадатханадағы алтын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли».
16 Ҳәй, ақылсыз соқырлар! Қайсысы уллырақ: алтын ба ямаса алтынды мухаддес қылатуғын Ибадатхана ма?
17 Және де: «Ким де ким қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли емес, ал ким де ким оның үстиндеги қурбанлық пенен ант етсе, ол антын орынлаўға миннетли», – дейсизлер.
18 Ҳәй, соқырлар! Қайсысы уллырақ: қурбанлық па ямаса қурбанлықты мухаддес қылатуғын қурбанлық шалынатуғын орын ба?
19 Солай етип, қурбанлық шалынатуғын орын менен ант етиўши адам орын менен де, орынның үстиндегилердиң ҳәммеси менен де ант еткен болады.
20 Ибадатхана менен ант етиўши адам Ибадатхана менен де, онда жасайтуғын Қудай менен де ант еткен болады.
21 Аспан менен ант етиўши адам Қудайдың тахты менен де, оның үстинде отырған Қудай менен де ант еткен болады.
22 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер жалбыз, анис, зийре сыяқлы өсимликлердиң оннан бирин Қудайға бересизлер, бирақ Мухаддес Нызамдағы ең баслыларына: әдилликке, мийрим-шәпәәтке ҳәм садықлыққа кеўил бөлмейсизлер. Буны да ислеп, оны да қалдырмаўыңыз керек еди-ғо.
23 Ҳәй, ширкейди сүзип таслап, түйени жутатуғын соқыр жетелеўшилер!
24 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер табақ-кеселердиң сыртын тазалайсызлар, бирақ олардың иши нәпсиқаўлық ҳәм жүўенсизликке толған-ғо.
25 Ҳәй, соқыр парисей! Сен дәслеп табақ-кесениң ишин тазала, сонда олардың сырты да таза болады.
26 Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер ҳәкленген қәбирлерге уқсайсызлар: олар сыртынан сулыў болып көринсе де, иши өликлердиң сүйеклери менен патаслыққа толған-ғо.
27 Сол сыяқлы сизлер де сыртыңыздан адамларға өзлериңизди ҳақ адам етип көрсетесизлер, бирақ ишлериңиз еки жүзлилик пенен жаўызлыққа толы.
28 – Ҳәсирет шегесизлер, диний муғаллимлер ҳәм парисейлер, еки жүзлилер! Сизлер пайғамбарларға мазарлар орнатасызлар. Ҳақ адамлардың естеликлерин безеп:
29 «Егер де ата-бабаларымыздың заманында өмир сүргенимизде, пайғамбарлардың қанын төгиўлерине оларға шериклес болмас едик», – дейсизлер.
30 Солай етип, өзлериңиздиң пайғамбарларды өлтиргенлердиң урпағы екенлигиңизди дәлиллейсизлер.
31 Ата-бабаларыңыздың ислеген гүналарының мөлшерин толықтыра бериңлер!
32 Жыланлар, уўлы жыланлардың туқымлары! Сизлер қалай етип дозақ жазасынан қашып қутылмақшысызлар?
33 Сол себепли Мен сизлерге пайғамбарларды, даналарды, диний муғаллимлерди жиберемен. Сизлер олардың гейбиреўлерин өлтиресизлер, гейбиреўлерин атанақ ағашқа шегелейсизлер, басқаларын мәжилисханаларыңызда қамшылап, қаладан-қалаға қуўдалайсызлар.
34 Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди.
35 Солай етип, ҳақ Абылдың қанынан баслап, Ибадатханадағы Мухаддесхана менен қурбанлық шалынатуғын орынның арасында сизлер өлтирген Барақияның улы Зекерияның қанына дейин, жер бетинде төгилген ҳақ адамлардың қанларының бәри де сизлердиң мойынларыңызға жүкленеди+
36 – Оҳ, Ерусалим, Ерусалим! Пайғамбарларды өлтириўши, Қудайдың саған жибергенлерин тас пенен урыўшы қала! Өз шөжелерин қанатының астына алған мәкийен сыяқлы, Мен де сениң балаларыңды неше рет жыйнамақшы болдым, бирақ сизлер қәлемедиңлер.
37 Мине, үйиңизди Қудай таслап кетип, ол қаңырап қалады.
38 Сизлерге айтатуғыным: «Қудайдың атынан Келиўши жарылқанған!» – деп айтқанларыңызға дейин Мени қайтып көрмейсизлер.