Матта 6 bob

Саўап ислер туўралы (1-4), Дуўа етиў туўралы (5-15), Ораза тутыў туўралы (16-18), Жоғалмайтуғын байлық (19-24), Тәшиўишленбеңлер! (25-34).

1 – Абайлаңлар, сизлер саўап ислериңизди адамларға көрсетиў ушын, олардың алдында ислемеңлер. Олай етсеңлер, сизлерге аспандағы Әкеңизден сыйлық болмайды.
2 Солай етип, сен қайыр-садақа бергениңде, еки жүзлилер сыяқлы өз-өзиңнен жар салма. Бундайлар адамлар мақтасын деп, мәжилисханаларда ҳәм көшелерде усылай ислейди. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды.
3 Сен қайыр-садақа бергениңде, оң қолыңның не ислегенин сол қолың билмесин.
4 Сонда сениң қайыр бериўиң жасырын болады ҳәм жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
5 – Дуўа еткениңизде, адамларға көрсетиў ушын мәжилисханаларда ҳәм көшелердиң мүйешлеринде турып дуўа етиўди жақсы көретуғын еки жүзлилер сыяқлы болмаңлар. Сизлерге шынын айтып турман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды.
6 Ал сен дуўа еткениңде бөлмеңе кирип, есигиңди жапқаныңнан соң, көзге көринбейтуғын Әкеңе дуўа ет! Сонда жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
7 Дуўа еткениңизде, бутқа табыныўшылар сыяқлы мылжыңға берилмеңлер. Олар көп сөйлесек тыңлар деп ойлайды.
8 Сизлер оларға уқсамаңлар. Себеби Әкеңиз неге мүтәж екенлигиңизди Оннан сорамасыңыздан алдын биледи.
9 Сонлықтан сизлер былай деп дуўа етиңлер: Аспандағы Әкемиз! Сениң атың мухаддес бола берсин.
10 Сениң Патшалығың келсин. Аспанда орынланғаны сыяқлы, Жерде де Сениң еркиң орынлансын.
11 Бизлерге бүгин де күнделикли нанымызды бере гөр.
12 Бизлерге гүна ислегенлерди кеширгенимиздей, Бизлердиң де гүналарымызды кешире гөр.
13 Бизлердиң азғырылыўымызға жол қоймай, Шайтаннан қутқара гөр. Себеби Патшалық та, қүдирет те, уллылық та мәңгиликке Сеники. Аўмийин.
14 Егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширсеңлер, аспандағы Әкеңиз де сизлерди кеширеди.
15 Ал егер сизлерге гүна ислегенлерди кеширмесеңлер, Әкеңиз де гүналарыңызды кеширмейди.
16 – Ораза тутқаныңызда, еки жүзлилер сыяқлы муңайып жүрмеңлер. Олар адамларға ораза тутыўшы болып көриниў ушын ғана ажарын бузып жүреди. Сизлерге шынын айтаман: олар әлле қашан өз сыйларын алып болды.
17 Сен ораза тутқаныңда, шашыңды тарап, бетиңди жуў.
18 Солай етип, ораза тутқаның адамларға емес, ал көзге көринбейтуғын Әкеңе көринсин. Жасырынлықты көриўши Әкең саған қайтарады.
19 – Өзлериңизге жер бетинде байлық жыйнамаңлар. Бул жерде оны күйе де жейди, тат та басады, урылар да бузып кирип урлайды.
20 Ал өзлериңизге аспанда байлық жыйнаңлар. Сол жерде оны күйе де жемейди, тат та баспайды, урылар да бузып кирип урламайды.
21 Өйткени байлықларыңыз қай жерде болса, кеўиллериңиз де сол жерде болады.
22 Көз – денениң шырағы. Сонлықтан да, егер көзиң саў болса, пүткил денең де жарық болады.
23 Егер көзиң саў болмаса, пүткил денең де қараңғы болады. Сонлықтан егер ишиңдеги жарық қараңғы болса, онда қараңғылықтың өзи қаншелли тас түнек болады!
24 Ҳеш ким еки хожаға хызмет ете алмайды. Себеби ол биреўин жек көрип, екиншисин жақсы көреди ямаса биреўине садық болып, екиншисине итибарсыз қарайды. Сизлер ҳәм Қудайға, ҳәм байлыққа бирдей хызмет ете алмайсызлар.
25 – Сонлықтан сизлерге айтатуғыным: не ишип, не жеймиз деп, жаныңыз ушын, не кийемиз деп, денеңиз ушын тәшиўишленбеңлер. Жан аўқаттан, дене кийимнен артық емес пе?
26 Аспандағы қусларға қараңлар! Олар екпейди де, ормайды да, телекке жыйнамайды да, ал аспандағы Әкеңиз оларды асырайды. Сизлер олардан анағурлым артық емессизлер ме?
27 Тәшиўишлениў себепли, ким сизлердиң араңызда өз өмирин бир саатқа болса да узайта алады?
28 Кийим туўралы неге тәшиўишленесизлер? Даладағы лилия гүллериниң қалай өсип турғанына қараңлар! Олар мийнет те етпейди, жип те ийирмейди.
29 Ал сизлерге айтатуғыным: Сулайман да өзиниң сәнсалтанатында усылардың биреўиндей сәнли кийинбеген еди.
30 Егер бүгин бар болып, ертең ошаққа тасланатуғын даладағы шөпти Қудай солай кийиндирсе, сизлерди олардан да артық кийиндирмес пе еди, ҳәй, исеними азлар?
31 Сонлықтан да: «Не ишип, не жеймиз?» ямаса «Не кийемиз?» – деп тәшиўишленбеңлер.
32 Өйткени усылардың ҳәммесин бутқа табыныўшылар излеп жүреди. Усы нәрселердиң ҳәммесине мүтәж екениңизди аспандағы Әкеңиз биледи.
33 Ең алды менен Қудайдың Патшалығын ҳәм Оның ҳақлығын излеңлер! Сонда булардың ҳәммеси сизлерге қосымша етип бериледи.
34 Солай етип, ертеңги күн туўралы тәшиўишленбеңлер! Себеби ертеңги күн өзи ушын өзи ғам жейди. Ҳәр күнниң өз ғамы өзине жетеди.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.