2 Коринфлилер 1 bob
1 Қудайдың қәлеўи менен Масих Ийсаның елшиси болған мен, Павелден ҳәм туўысқанымыз Тимофейден, Коринф қаласындағы Қудайдың жәмәәтине ҳәм пүткил Ахая үлкесиндеги барлық мухаддеслерге сәлем!
2 Әкемиз Қудай ҳәм Ийемиз Ийса Масих сизлерге мийрим ҳәм тынышлық берсин!
3 Қудайға, яғный Ийемиз Ийса Масихтың Әкесине алғыслар болсын! Ол бизлердиң реҳимли Әкемиз ҳәм толық жубаныш бериўши Қудай.
4 Қудай бизлерге барлық қыйыншылықларымызда жубаныш береди. Солай етип, бизлер де Қудайдан алған жубаныш пенен ҳәр қыйлы қыйыншылықларда болған адамларға жубаныш бере аламыз.
5 Себеби Масих шеккен азап-ақыретлерди бизлер қаншелли көп шексек, Қудай бизлерге Масих арқалы соншелли үлкен жубаныш береди.
6 Бизлер көрип атырған қыйыншылық сизлердиң жубаныш алыўыңыз ҳәм қутқарылыўыңыз ушын болып атыр. Бизлердиң жубаныш алыўымыз да сизлердиң жубаныш алыўыңыз ушын болып атыр. Сизлер өзлериңиз алған усы жубаныш арқалы бизлер шеккен азап-ақыретлер менен бирдей болған азапақыретлерге шыдай аласызлар.
7 Бизлердиң сизлерге байланыслы болған үмитимиз беккем. Өйткени сизлердиң тек азапақыретлеримизге емес, ал алған жубанышымызға да шерик екениңизди билемиз.
8 Туўысқанларым, Азия үлкесинде көрген қыйыншылықларымыздан сизлердиң хабарсыз қалыўыңызды қәлемеймиз. Бизлер шектен тыс аўыр қыйыншылық астында болып, тири қалыўдан да үмитимизди үзген едик.
9 Ишимизден өзимизди өлимге ҳүким етилгендей сездик. Бирақ бул өзлеримизге емес, ал өлилерди тирилтетуғын Қудайға сүйениўимиз ушын болды.
10 Қудай бизлерди усындай үлкен өлим қәўпинен қутқарды ҳәм еле де қутқара береди.
11 Сизлердиң дуўаларыңыздың жәрдеминде Қудай бизлерди еле де қутқара береди деп, бизлер Оннан үмит етемиз. Көп адамлардың еткен дуўаларына Қудай жуўап берип, бизлерди қутқарғанлықтан, көплер бизлер ушын Қудайға шүкирлик билдиреди.
12 Бизлер мақтаныш тутатуғын ҳәм пәк ҳүжданымыз бенен гүўалық беретуғын нәрсемиз мынаў: бизлер дүньяға, әсиресе сизлерге адамның даналығы менен емес, ал Қудайдың мийрими менен, Қудайдан келген ҳадаллық* ҳәм ҳақ нийет пенен қатнас жасадық.
13 Бизлер сизлерге оқып түсине алатуғын нәрселерди ғана жазып атырмыз. Ҳәзир бизлерди толық түсинбесеңиз де, ўақты келгенде толық түсинетуғыныңыздан үмит етемен.
14 Солай етип, Ийемиз Ийса қайтып келетуғын күни бизлердиң мақтанышымыз сизлер болатуғыныңыз сыяқлы, сизлердиң мақтанышыңыз да бизлер боламыз.
15 Усындай исеним менен сизлерди еки есе қуўанышқа бөленсин деп, сизлерге барыўды бурын нийет еткен едим.
16 Македонияға баратырғанымда да, Македониядан қайтып киятырғанымда да, сизлерге барыўды нийет еткен едим. Соңынан сизлер мени Яҳудияға шығарып саларсыз деп ойлаған едим.
17 Усылай нийет етип, мен жеңилтеклик қылыппан ба? Мени денесиниң қәлеўи бойынша кеўлинде «яқ» деп ойлап, аўзы менен «аўа» дейтуғын адам деп есаплайсызлар ма?
18 Мен Қудайдың садықлығы ҳақы ант ишемен: бизлер еки жүзли адамлар емеспиз. Бизлер сизлерге сөйлегенимизде, «яқ» деп ойлап, «аўа» деп айтпадық.
19 Бизлер тәрепимизден, яғный мен тәрепимнен, Сила* ҳәм Тимофей тәрепинен сизлерге жәрияланған Қудайдың Улы Ийса Масих ҳәм «аўа», ҳәм «яқ» емес. Онда тек «аўа» ғана бар.
20 Қудайдың барлық ўәделери Масих арқалы «аўа» болып, толық орынланады. Сонлықтан Қудайдың даңққа бөлениўи ушын, Масих арқалы Қудайға «аўмийин» деймиз.
21 Бизлер менен сизлердиң Масих пенен болған байланысымызды беккем қылған ҳәм бизлерди хызметке тайынлаған Қудайдың Өзи болады.
22 Ол бизлерди мөрлеп тамға басты ҳәм буның дәлили сыпатында Мухаддес Руўхты жүрегимизге жайластырды.
23 Мениң жүрегимде не бар екенин билетуғын Қудайдың Өзи гүўа: сизлерди аяғаным себепли, усы ўақытқа дейин Коринфке бармаған едим.
24 Бизлер сизлердиң исенимиңиздиң үстинен бийлик орнатқымыз келмейди. Керисинше, сизлердиң қуўаныўыңыз ушын, бизлер сизлер менен бирликте мийнет етип атырмыз. Себеби сизлер исенимде беккем турсызлар.



































