Аян 22 bob

Ийсаның келиўи (6-21).

1 Сонда периште маған кристалл сыяқлы жылтыраған өмир суўының дәрьясын көрсетти. Бул дәрья Қудайдың ҳәм Қозының тахтынан шығып,
2 қаланың кең көшесиниң ортасы бойлап ағып тур еди. Дәрьяның еки тәрепинде ҳәр айда он еки түрли мийўе берип туратуғын өмир тереги бар еди. Теректиң жапырақлары болса, миллетлердиң шыпа алыўы ушын арналған еди.
3 Енди ҳеш қандай ғарғыс болмайды. Қудайдың ҳәм Қозының тахты қаланың ишинде болады. Ал хызметшилери Оған хызмет етеди.
4 Олар Қудайдың жүзин көреди, маңлайларына Оның аты жазылады.
5 Енди түн болмайды. Я шыра жақтысының, я қуяш жақтысының кереги болмайды. Себеби Қудай Ийемиздиң Өзи оларға жақты болады ҳәм олар мәңгиге патшалық етеди.
6 Соңынан периште маған былай деди: – Бул сөзлер – исенимли ҳәм ҳақыйқат. Өз пайғамбарларына Руўхын берген Қудай Ийемиз жақын арада болыўы тийис ўақыяларды хызметшилерине билдириў ушын, Өз периштесин жиберди.
7 «Мине, Мен жылдам келемен! Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин орынлайтуғын адам қандай бахытлы!» – дейди Ийемиз Ийса.
8 Мен – усыларды еситкен ҳәм көрген Юханман. Буларды еситип ҳәм көргенимде, усыларды маған көрсеткен периштеге табыныў ушын, оның аяқларына жығылдым.
9 Бирақ ол маған: – Бундай қыла гөрме! Мен де сен, пайғамбар болған туўысқанларың ҳәм бул китаптың сөзлерин орынлайтуғынлар сыяқлы, Қудайдың хызметшисимен. Қудайға табын, – деди.
10 Соңынан ол маған былай деди: – Бул китаптың пайғамбаршылық сөзлерин мөрлеп таслама. Өйткени ўақыт жақын қалды.
11 Жаманлық қылатуғын адам және де жаманлық қылыўды даўам етсин. Ҳарам болған адам ҳарам исин даўам етсин. Ҳақ болған адам және де ҳақ ислер ислей берсин. Мухаддес болған адам мухаддес болып қалсын.
12 Ийемиз Ийса былай дейди: «Мине, Мен жылдам келемен! Беретуғын сыйым Өзим менен бирге. Ҳәр бир адамға ислерине қарай қайтараман.
13 Мен – Альфа ҳәм Омегаман, биринши ҳәм соңғыман, басы ҳәм ақырыман.
14 Өмир терегинен жеўге ҳуқық алыў ушын ҳәм қалаға дәрўаза арқалы кириў ушын кийимлерин жуўғанлар қандай бахытлы!
15 Ийтлер – сыйқыршылар, неке ҳадаллығын бузыўшылар, адам өлтириўшилер, бутқа табыныўшылар, өтирикти жақсы көрип, жалған ислерди ислеўшилердиң ҳәммеси сыртта қалады.
16 Мен, Ийса, исениўши жәмәәтлердеги сизлерге бул гүўалықты жеткизсин деп, Өз периштемди жибердим. Мен – Даўыттың тийкары ҳәм урпағы, жақты таң жулдызыман».
17 Мухаддес Руўх ҳәм келин: «Кел!» дейди. Еситкен ҳәр бир адам: «Кел!» десин. Шөллеген адам келсин, қәлеген адам өмир суўынан ешейин алсын.
18 Бул китаптағы пайғамбаршылық сөзлерин еситкен ҳәр бир адамды ескертип атырман: егер ким де ким бул сөзлерге бир нәрсе қосса, Қудай да оны бул китапларда жазылған бәлелерге дуўшар етеди.
19 Егер ким де ким бул пайғамбаршылық китабының сөзлеринен бир нәрсе алып тасласа, Қудай да оны бул китапта жазылған өмир терегинен ҳәм мухаддес қаладан үлессиз қалдырады.
20 Буларды гүўалық етип айтқан Ийемиз: «Аўа, Мен жылдам келемен», – дейди. Аўмийин! Келе гөр, Ийем Ийса!
21 Ийемиз Ийсаның мийрими ҳәммеңизге яр болсын! Аўмийин.


Shu bobni eshitish:


Download (0 mb)

Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.