Бийлер 14 bob

Самсонның үйлениўи (1-20).

1 Бир күни Самсон Тимнаға барды. Ол жерде Самсон филистли бир қызды көрип қалды.
2 Ол қайтып келип, ата-анасына: – Тимнада филистли бир қызды көрдим, оны маған ҳаяллыққа алып бериң, – деди.
3 Ата-анасы оған: – Ағайин-туўғанлардың ямаса халқымыздың арасында саған қыз қурып қалып па? Не ушын сүннетсиз филистлерден қыз алмақшысаң? – деди. Бирақ Самсон әкесине: – Маған сол қызды алып бер, өйткени ол маған унап қалды, – деди.
4 Самсонның ата-анасы буның Жаратқан Ийениң ерки екенин билмейтуғын еди. Себеби Жаратқан Ийе сол ўақытта израиллыларға ҳүкимдарлық етип атырған филистлерге қарсы қолайлы пурсат излеп атырған еди.
5 Солай етип, Самсон ата-анасы менен бирге Тимнаға кетти. Олар Тимнадағы жүзим бағларына жақынласқанда, бир жас арыслан ақырып, Самсонның қарсы алдынан шықты.
6 Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды ҳәм ол қолында ҳеш нәрсе болмаса да, арысланды ылақты бөлгендей етип, бөлип таслады. Бирақ ол бул исин ата- анасына билдирмеди.
7 Соңынан Самсон барып, қыз бенен сөйлести ҳәм қыз оған унады.
8 Бир неше күннен кейин, Самсон қызға үйлениў ушын және Тимнаға кетип баратырғанда, ол арысланның өлигин көриў ушын бурылды. Қараса, арысланның өлигинде пал ҳәррелериниң уясы ҳәм пал бар екен.
9 Самсон палдан бир қосуўыс алып, жол-жөнекей жеп кетти. Ол ата-анасына келип, оларға да палдан берди, олар да жеди. Бирақ палды арысланның өлигинен алғанын айтпады.
10 Самсонның әкеси қыздың үйине барды ҳәм Самсон да ол жерде зыяпат берди. Себеби дәстүр бойынша күйеў бала усылай ислейтуғын еди.
11 Филистлер Самсонға отыз жас жигитти күйеў жора қылып жиберди.
12 Сонда Самсон оларға былай деди: – Мен сизлерге бир жумбақ айтайын. Жумбағымды зыяпаттың жети күни ишинде дурыс тапсаңыз, онда сизлерге зығырдан тоқылған отыз көйлек ҳәм баҳалы отыз шапан беремен.
13 Бирақ егер жумбақты таба алмасаңлар, онда сизлер маған зығырдан тигилген отыз кийим ҳәм баҳалы отыз шапан бересизлер. Олар Самсонға: – Жумбағыңды айт, еситейик, – деди.
14 Самсон оларға былай деди: «Жейтуғыннан желинетуғын шықты, Күшлиден мазалы шықты». Арадан үш күн өтсе де, филистлер жумбақты таба алмады.
15 Төртинши күни олар Самсонның ҳаялына: – Күйеўиңди көндирип, бизлерге жумбақтың шешимин билип бер. Болмаса, бизлер сени де, әкеңниң үйин де жағып жиберемиз. Бизлерди не бул жерге тонаў ушын шақырдыңлар ма? – деди.
16 Ҳаялы Самсонға жылап: – Сен мени жек көресең, сен мени жақсы көрмейсең. Өйткени мениң халқымның жигитлерине жумбақ айттың, бирақ оның жуўабын маған айтпадың, – деди. Самсон ҳаялына: – Өз ата-анама айтпағанымды не ушын саған айтыўым керек? – деди.
17 Ҳаял жети күн даўам етип атырған зыяпаттың қалған күнинде жылап қоймады. Ҳаялы жанына тийип қоймағанлықтан, Самсон оған жетинши күни жумбақтың жуўабын айтты. Ал ҳаял болса, жуўапты өз халқының жигитлерине жеткизди.
18 Жетинши күни күн батпастан бурын, қаланың жигитлери Самсонға келип, былай деди: «Палдан татлы, Арысланнан күшли не бар?» Самсон оларға: – Егер мениң қашарым менен жер сүрмегениңизде, жумбағымды шеше алмас едиңлер, – деди.
19 Сонда Самсон үстине түскен Жаратқан Ийениң Руўхы менен күшке толды. Самсон Ашкелонға кетти ҳәм ол жерде отыз адамды өлтирип, олардың кийим-кеншеклерин шешип алды да, оларды жумбақты шешкен адамларға әкелип берди. Кейин ол сол ғәзеплениўи менен әкесиниң үйине қайтып кетти.
20 Ал Самсонның ҳаялы болса, Самсонның күйеў жораларының бирине узатылып жиберилди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.