Бийлер 9 bob

Абимелех (1-47).

1 Еруббаалдың улы Абимелех дайыларының жанына, Шехем қаласына барып, оларға ҳәм анасының тийресинен болған барлық адамларға былай деди:
2 – Шехем халқынан: «Сизлер ушын қайсысы жақсырақ? Гидеонның жетпис улы сизлерге бийлик еткени ме ямаса бир адамның бийлик еткени ме?» – деп сораңлар. Мениң өзлериңиз бенен сүйеги бир, қанлас екенимди умытпаңлар.
3 Дайылары Абимелехтиң айтқанларын Шехем халқына жеткерди. Соннан кейин, Абимелехке халықтың кеўли ийип: «Ол бизлердиң туўысқанымыз болады», – деди.
4 Олар Абимелехке Баал-Берит бутханасынан жетпис шекел гүмис берди. Ал Абимелех бул ақшаға оңбаған ҳәм жарамас адамларды изине ертти.
5 Соңынан ол Офраға, әкесиниң үйине кетип, туўысқанларын, яғный Еруббаалдың жетпис улын бир тас үстинде өлтирди. Тек ғана Еруббаалдың генже улы Иотам қашып жасырынғаны ушын аман қалды.
6 Кейин пүткил Шехем ҳәм Бейт-Милло халықлары бирге жыйналып, Шехемдеги естелик тастың жанындағы теребинф ағашының қасына барды ҳәм Абимелехти патша етип тайынлады.
7 Бул хабар Иотамға жетип барғанда, ол Гериззим таўының төбесине шығып, бәлент даўыс пенен халыққа былай деди: «Ҳәй, Шехем халқы! Мени тыңлаңлар, сонда Қудай да сизлерди тыңлайды.
8 Бир күни тереклер өзлерине патша таңлап, оны майламақшы болыпты. Сонда олар зәйтүн ағашына барып: „Бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
9 Зәйтүн ағашы оларға: „Қудайлар ҳәм адамларды ҳүрметке еристириў ушын қолланылатуғын майымды таслап, тереклердиң үстинде шақаларымды тербелтип турайын ба?“ – деп жуўап берипти.
10 Сонда тереклер әнжир ағашына: „Кел, сен бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
11 Әнжир ағашы оларға: „Жақсы ҳәм мазалы мийўемди таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – деп жуўап берипти.
12 Соңынан тереклер жүзим ағашына: „Кел, сен-ақ бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
13 Жүзим ағашы оларға: „Қудайлардың ҳәм адамлардың кеўлин көтеретуғын шарабымды таслап, тереклер үстинен басшылық етейин бе?“ – депти.
14 Ақыры тереклер шеңгелге келип: „Кел, бизлердиң патшамыз бол“, – депти.
15 Шеңгел оларға: „Егер шынында да мени майлап, өзлериңизге патша етип қоймақшы болсаңыз, онда келиңлер, көлеңкемде паналаңлар. Егер паналамасаңыз, тикенлеримнен шыққан от Лебанонның кедр ағашларын жандырып жибереди“, – депти.
16 Минекей, сизлер Абимелехти патша етип сайлап әдил ҳәм дурыс иследик деп санайсызлар ма? Еруббаал ҳәм оның шаңарағына жақсылық еткениңиз усы ма? Бул мүнәсибетиңиз әкеме ылайық па?
17 Ал әкем сизлерди мидянлылардың қолынан қутқарыў ушын өз жанын қәўип астына қойып, сизлер ушын урысты.
18 Бирақ бүгин сизлер әкемниң шаңарағына қарсы қол көтердиңлер, оның жетпис улын бир тастың үстинде өлтирдиңлер. Оның тоқалынан туўылған Абимелехти болса, өз туўысқаныңыз болғаны ушын Шехемге патша қылып қойдыңлар.
19 Егер бүгин Еруббаал ҳәм оның шаңарағына әдил ҳәм дурыс ис ислеген болсаңыз, онда Абимелех ушын қуўаның, ол да сизлер ушын қуўансын!
20 Бирақ олай болмаса, Абимелехтен от шығып, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқын жандырып жиберсин. Я болмаса, Шехем ҳәм Бейт-Милло халқынан от шығып, Абимелехти жандырып жиберсин».
21 Соңынан Иотам туўысқаны Абимелехтен узаққа, Беерге қарай қашып кетип, сол жерде жасады.
22 Абимелех Израилды үш жыл басқарды.
23 Кейин Қудай Абимелех пенен Шехем халқының арасына жаман руўх жиберип, бир-бирине қарсы қылды ҳәм халық Абимелехке бойсынбай қойды.
24 Себеби Қудай буны өз туўысқанлары болған Еруббаалдың жетпис улын өлтирген Абимелехтен ҳәм оның бул исин қоллап-қуўатлаған Шехем халқынан, олар төккен қанның қунын алыў ушын иследи.
25 Шехем халқы Абимелехке қарсы таў басларында буққы жасады ҳәм ол жерден өткенлердиң ҳәммесин тонады. Бул ҳаққында Абимелехке хабар жетти.
26 Эбед улы Гаал туўысқанлары менен бирге келип, Шехемге жайласты. Ол Шехем халқының исенимине кирди.
27 Олар бағларға барып, жүзим жыйнады ҳәм оны сығып, шарап ислегеннен кейин, байрамлады. Олар өз қудайының бутханасында ишип-жеп отырып, Абимелехке мазақ сөзлер айтты.
28 Сонда Эбед улы Гаал былай деди: «Бизлер, яғный Шехем халқы Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты? Ол Еруббаалдың улы емес пе? Зебул да оның оң қолы емес пе? Сизлер шехемлилердиң атасы Хамордың урпағынан болғанларға хызмет қылыңлар. Абимелехке не деп хызмет етемиз?
29 Қәнекей, бул халықты мен басқарсам еди! Сонда Абимелехти өзим қуўып жиберер едим ҳәм оған: „Әскерлериңди көбейтип, саўаш майданына шық!“ – дер едим».
30 Қаланың басшысы болған Зебул Эбед улы Гаалдың сөзлерин еситкенде, ғәзеби қайнады.
31 Ол Абимелехке жасырын түрде хабаршылар жоллап, олар арқалы мыналарды айтып жиберди: «Мине, Эбед улы Гаал ҳәм оның туўысқанлары Шехемге келди. Олар қаланы саған қарсы қоймақта.
32 Енди сен түнде адамларың менен бирге келип, атызда буққы таслап жат.
33 Азанда таң атыўдан-ақ орныңнан турып, қалаға ҳүжим жаса. Гаал ҳәм оның адамлары саған қарсы шыққанда, оларға қолыңнан келгенин исле».
34 Солай етип, Абимелех ҳәм оның адамлары түнде турып, төрт топарға бөлинди де, Шехемге жақын жерде буққы таслап жатты.
35 Эбед улы Гаал сыртқа шығып, қала дәрўазасының аўзында турғанда, Абимелех ҳәм оның қасындағылар буққыда жатырған жеринен шықты.
36 Киятырғанларды көрген Гаал Зебулға: – Таўлардың төбесинен түсип киятырғанларға қара! – деди. Зебул оған: – Адамларға уқсатып турғаның негизинде таўлардың көлеңкеси-ғо, – деди.
37 Бирақ Гаал сөзин даўам етип: – Қара, үлкемиздиң ортасындағы төбешиктен адамлар түсип киятыр. Палкерлер теребинфи тәрептен де бир топар киятыр, – деди.
38 Сонда Зебул Гаалға: – Енди сениң: «Бизлер Абимелехке хызмет ететуғындай, ол ким болыпты?» – деген сөзиң қаяқта? Сен менсинбеген халық усы емес пе? Қәне, енди шығып, олар менен өзиң урыс, – деди.
39 Гаал Шехем халқын баслап, Абимелех пенен урысыўға шықты.
40 Бирақ ол жеңилип қаша баслады ҳәм Абимелех оның изинен қуўды. Қаланың кирер аўзына дейинги аралықта көп санлы өлилер жайрап жатты.
41 Абимелех Арумада қалды. Ал Зебул Гаалға ҳәм оның туўысқанларына Шехемде жасаўға рухсат бермей, оларды қаладан қуўып жиберди.
42 Ертеңине Абимелех шехемлилердиң атызларға шыққанынан хабар тапты.
43 Ол адамларын үш топарға бөлип, атызларда буққы таслап жатты. Халықтың қаладан шыққанын көргенде ҳүжим қылып, оларды өлтирди.
44 Абимелех жанындағы топары менен жылдам түрде қаланың кирер аўзына барып турғанда, басқа еки топары атызда болғанларға ҳүжим жасап, оларды өлтирди.
45 Абимелех күн бойы қалаға қарсы урысып, қаланы қолға киргизди ҳәм халқын қылыштан өткизди. Қаланы ўайран етип, үстине дуз септи.
46 Шехем минарасындағы адамлар болған ўақыялар ҳаққында еситкенде, Эл-Берит бутханасының қорғанын паналады.
47 Абимелех Шехем минарасында болғанлардың сол жерге жыйналғанынан хабар тапты.
48 Сонда ол қасындағы адамлары менен бирге Салмон таўына шықты. Қолына бир балта алып, теректиң шақасын шапты да, оны ийнине қойып, қасындағы халыққа: «Мениң не ислегенимди көрдиңлер, дәрриў сизлер де солай ислеңлер», – деди.
49 Солай етип, ҳәммеси бир шақадан кесип алып, Абимелехтиң изине ерди. Олар шақаларды қорғанның түбине үйип, от берди. Солай етип, Шехем минарасында болған мыңға жақын еркек ҳәм ҳаяллар өлди.
50 Соннан кейин, Абимелех Тебеске барды да, қаланы қамал қылып, оны қолға киргизди.
51 Қаланың ортасында беккем бир минара бар еди. Еркек ҳәм ҳаяллар, пүткил қала халқы сол жерди паналады. Олар қапыларды илип, минараның төбесине шықты.
52 Абимелех минараға келип, оған ҳүжим қылды. Бирақ ол минараға от бериў ушын қапысына жақынласқанда,
53 бир ҳаял дигирманның үстинги тасын Абимелехтиң үстине ылақтырып жиберип, басын жарды.
54 Абимелех дәрҳал қурал-жарағын алып жүретуғын нөкерин шақырып алды да, оған: – Қылышыңды шығар да, мени өлтир. Ҳеш ким: «Абимелехти бир ҳаял өлтирди» деп айтып жүрмесин, – деди. Нөкер қылышын Абимелехке суғып, оны өлтирди.
55 Абимелехтиң өлгенин көргенде, израиллылар үйлерине қайтты.
56 Солай етип, жетпис туўысқанын өлтирип, әкесине қарсы жаўызлық қылғаны ушын, Қудай Абимелехти усылай жазалады.
57 Қудай Шехем халқын да ислеген барлық жаўызлықлары ушын жазалады. Олар Еруббаалдың улы Иотамның ғарғысына ушырады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.