1 Патшалар 13 bob
1 Шаул Израилда еки жыл патшалық еткеннен соң,
2 халықтан үш мың адамды таңлап алып, олардың еки мыңын Михмас ҳәм Бейт-Элдиң таўлы үлкелеринде өз жанына алып қалды. Ал бир мыңын Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласындағы Ионатанның жанына жиберди. Халықтың қалғанын үйлерине қайтарды.
3 Ионатан филистлердиң Гибадағы сақшылар топарын қыйратты. Филистлер бул туўралы еситти. Ал Шаул: «Еврейлер бул хабарды еситсин», – деп пүткил ел бойлап кәрнай шерттирди.
4 Солай етип, израиллылардың ҳәммеси Шаулдың филистлердиң сақшылар топарын қырғаны ҳәм филистлердиң израиллыларды жек көрип қалғанлығы туўралы еситти. Сонлықтан халық Гилгалға, Шаулдың жанына жыйналды.
5 Филистлер израиллылар менен урысыў ушын топланды. Олар үш мың саўаш арбасы, алты мың атлы әскери ҳәм теңиз қумындай сансыз пияда әскерлери менен келип, Бейт-Аўенниң шығысындағы Михмасқа орда қурды.
6 Израиллылар өзлериниң қәўипли жағдайда екенин ҳәм әскерлериниң қысқыға алынғанын көргенде, үңгирлерге, шеңгелликлерге, жартаслардың қуўысларына, шуқырларға ҳәм суў сақлағышларға жасырынды.
7 Еврейлердиң айырымлары болса, Иорданнан Гад ҳәм Гилад жерлерине кесип өтти. Бирақ Шаул еле Гилгалда еди. Оның изине ерген пүткил әскерлер қорқыныштан қалтырасты.
8 Шаул Самуел тәрепинен белгиленген мүддетке бойсынып, жети күн күтти. Бирақ Самуел Гилгалға келмей атырғанлықтан, халық Шаулдың жанынан кете баслады.
9 Сонда Шаул: «Жандырылатуғын қурбанлық пенен татыўлық қурбанлығы ушын берилетуғын малларды маған алып келиңлер», – деди де, жандырылатуғын қурбанлықты усынды.
10 Шаул жандырылатуғын қурбанлықты берип болар болмастан, Самуел келди. Шаул сәлем бериў ушын оның алдына шықты.
11 Самуел Шаулдан: – Не ислеп қойдың? – деп сорады. Шаул оған былай жуўап берди: – Адамларым жанымнан кете баслады. Сен де белгиленген күни келмедиң. Буның үстине, филистлердиң Михмасқа топланғанын көргенимде:
12 «Енди филистлер Гилгалға, мениң үстиме бастырып келеди, ал мен елеге шекем Жаратқан Ийеден жәрдем сорамадым», – деп ойладым. Сонлықтан мен жандырылатуғын қурбанлықты бериўди шештим.
13 Самуел Шаулға: – Сен ақылсызларша ис тутып, Қудайың Жаратқан Ийениң өзиңе берген буйрығын орынламадың. Булай ислемегениңде, Ол сениң Израил үстинен патшалығыңды мәңгилик қылар еди+.
14 Бирақ енди сениң патшалығың узаққа бармайды. Жаратқан Ийе Өзиниң кеўлине жаққан биреўди таўып, оны Өз халқы үстинен ҳүкимдар етип қойды. Себеби сен Жаратқан Ийениң буйрығына бойсынбадың, – деди.
15 Соннан кейин, Самуел Гилгалдан шығып, Бенямин урыўының Гиба қаласына кетти. Шаул жанында қалған адамларды санап шықты. Олар шама менен алты жүз адам еди.
16 Шаул, оның улы Ионатан ҳәм олардың адамлары Бенямин урыўына тийисли болған Гиба қаласына орналасты. Ал филистлер болса, Михмасқа орда қурған еди.
17 Филистлердиң ордасынан үш топар әскер елди тонаў ушын бөлинип шықты. Топарлардың бири Шуўал үлкесиндеги Офраға,
18 екиншиси Бейт-Хоронға, үшиншиси Себоим ойпатлығы үстинен көтерилип турған шөлге баратуғын жол арқалы шегарадағы жерлерге қарай жол алды.
19 Пүткил Израил елинде бирде бир темирши уста жоқ еди. Өйткени филистлер: «Еврейлер найза ҳәм қылыш соғып алмасын», – деген еди.
20 Сонлықтан пүткил Израил халқы пазналарын, кетпенлерин, балталарын ҳәм орақларын егетиў ушын филистлерге барыўға мәжбүр еди.
21 Пазна ҳәм кетпенлердиң егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен еки бөлегине шамалас болып, бел, балта ҳәм ушлы қуралларды егеў баҳасы гүмис шекелдиң үштен бирине тең еди.
22 Сол себепли саўаш ўақтында Шаул менен Ионатанның қасындағылардың ҳеш биринде қылыш та, найза да болмады. Олар тек Шаул менен Ионатанда ғана бар еди.
23 Сол арада филистлердиң бир топары Михмас өткелине қарай шықты.