1 Патшалар 17 bob

Даўыттың Голиятты өлтириўи (1-58).

1 Филистлер урысыў ушын әскерлерин топлап, Яҳуданың Сохо қаласына жыйналды. Олар Сохо менен Азеқа қаласы аралығындағы Эфес- Даммим деген жерге орда қурды.
2 Шаул менен израиллылар да топланды. Олар Эла ойпатлығына орда қурып, филистлерге қарсы саўашқа таярланды.
3 Филистлер бир төбешикти, ал израиллылар екинши төбешикти ийеледи. Олардың ортасында ойпатлық бар еди.
4 Филистлер сапынан гатлы Голият деген күшли бир жаўынгер ортаға шықты. Оның бойы алты шығанақ ҳәм бир қарыс еди.
5 Ол басына қоладан исленген дуўлыға, үстине қоладан исленген саўыт кийип алған болып, саўытының аўырлығы шама менен бес мың шекел еди.
6 Оның аяқлары қола дизеқап пенен қапланып, жаўырынына қола семсер асқан еди.
7 Семсериниң сабы тоқыў үскенесиниң қадасындай, ал семсериниң ушындағы темирдиң аўырлығы алты жүз шекел еди. Голияттың үлкен қалқанын нөкери оның алдында көтерип жүретуғын еди.
8 Голият турып, сапта турған израиллыларға былай деп бақырды: «Сизлер неге саўаш майданына шықтыңыз? Мен филистпен, ал сизлер Шаулдың қуллары емессизлер ме? Маған қарсы шығыў ушын араңыздан бирин таңлаң.
9 Егер ол мениң менен урысып, мени өлтире алса, онда бизлер сизлердиң қулларыңыз боламыз. Егер мен үстин келип, оны өлтире алсам, онда сизлер бизлерге қул болып, бизлерге хызмет қыласызлар».
10 Соңынан филист сөзин даўам етип: «Бүгин мен Израил әскерлериниң шермендесин шығараман. Мениң менен алысатуғын бир адамды алдыма шығарың», – деди.
11 Филисттиң бул сөзлерин еситип, Шаул да, израиллылар да қатты қорқып, қәўетерге түсти.
12 Даўыт Яҳуданың Бейтлеҳем қаласынан болған эфратлы Ишай деген адамның улы еди. Ишайдың сегиз улы бар еди. Шаулдың патшалығы дәўиринде Ишай қартайып қалған болып, адамлар арасында ең жасы үлкени еди.
13 Ишайдың үлкен үш улы Шаул менен бирге саўашқа кеткен еди. Саўашқа кеткен улларының ең үлкениниң аты Элиаб, екиншисиниң аты Абинадаб, үшиншисиниң аты Шамма еди.
14 Даўыт ең генже улы еди. Үлкен үш улы Шаулдың жанында еди.
15 Ал Даўыт болса, әкесиниң сүриўин бағыў ушын, Шаулдың жанынан Бейтлеҳемге қайтып келген еди.
16 Филист Голият қырық күн даўамында азанлы-кеш ортаға шығып, урысыўға шақырды.
17 Бир күни Ишай улы Даўытқа былай деди: «Мына қуўырылған бир эфа бийдай менен он шөрек нанды ал да, оларды тезирек ордаға, ағаларыңа апарып бер.
18 Ал мына он бөлек иримтикти болса, олардың мыңбасысына бер. Ағаларыңның ҳал-жағдайын бил ҳәм олардың жақсы екенин билдиретуғын қандай да бир белги алып кел.
19 Ағаларың, Шаул ҳәм басқа барлық израиллылар менен бирге Эла ойпатлығында филистлерге қарсы урысып атыр».
20 Ертеңине Даўыт азанда ерте турды. Сүриўди бир шопанға қалдырып, Ишайдың буйрығы бойынша азық-аўқатларды алды да, жолға шықты. Ол ордаға жетип барғанда, әскерлер сап тартып, сүрен салыўы менен саўашқа шығып атырған еди.
21 Израиллылар менен филистлер бир-бирине қарама- қарсы болып сапқа дизилген еди.
22 Даўыт апарған затларын жүклерди қараўыллайтуғын адамға қалдырып, сапқа қарай жуўырып кетти. Ол туўысқанларының жанына барып, олар менен сәлемлести.
23 Даўыт туўысқанлары менен сөйлесип турғанда, гатлы филист жаўынгери Голият өз сапынан ортаға шығып, бурынғы сөзлерин тәкирарлап бақыра баслады. Даўыт буны еситти.
24 Израиллылар Голиятты көргенде қатты қорқып, оннан қаша баслады.
25 Израиллылар бир-бирине: «Израилды масқаралаў ушын ортаға шығып турған мына адамды көрип турсызлар ма? Оны өлтирген адамға патшамыз үлкен байлық сыйлап, қызын да бермекши. Ҳәтте, оның әкесиниң хожалығын да Израилда салық төлеўден азат қылмақшы», – деди.
26 Даўыт жанындағыларға: «Бул филистти өлтирип, Израилды шерменделиктен қутқарған адамға не бериледи? Тири Қудайдың әскерлерин масқаралайтуғындай, бул сүннетсиз филист ким болыпты?» – деди.
27 Адамлар бурынғы сөзлерди қайталап, Голиятты өлтирген адамға нелер берилетуғынын айтып берди.
28 Даўыттың әскерлер менен сөйлескенин еситкенде, үлкен әжағасы Элиабтың ашыўы келди. Ол Даўытқа: – Бул жерге неге келдиң? Шөлдеги азғантай қойымызды кимге таслап кеттиң? Сениң қаншелли менмен ҳәм қаншелли жаман нийетли екениңди билемен. Сен тек урысты тамашалаў ушын келгенсең, – деди.
29 Даўыт оған: – Мен не қылдым? Сораўға да болмай ма? – деди.
30 Ол әжағасының қасынан кетип, басқа адамлардан да сол нәрселерди сорады. Олар да бурынғыдай жуўапты берди.
31 Даўыттың сөзлерин еситкенлер оны Шаулға жеткизди. Шаул Даўытты шақыртты.
32 Даўыт Шаулға: – Мына филист себепли ҳеш кимниң руўхы түспесин. Қулыңыз болған мен барып, оның менен алысаман, – деди.
33 Шаул оған: – Сен бул филистке қарсы шығып, оның менен алыса алмайсаң. Себеби сен еле жассаң, ал ол болса, жаслығынан жаўынгер адам, – деди.
34 Бирақ Даўыт Шаулға былай деди: – Қулыңыз болған мен әкемниң сүриўин бағаман. Арыслан ямаса айыў келип, сүриўден бир қозыны алып қашса,
35 изинен қуўып, оған ҳүжим қыламан ҳәм қозыны аўзынан алып қаламан. Егер арыслан ямаса айыў маған тасланса, оның жалынан услап алып, урып өлтиремен.
36 Қулыңыз болған мен арысланды да, айыўды да өлтиргенмен. Мына сүннетсиз филисттиң басына да сол күн туўады. Себеби ол тири Қудайдың әскерлерин масқаралады.
37 Мени арысланның ҳәм айыўдың пәнжесинен қутқарған Жаратқан Ийе бул филисттиң қолынан да қутқарады. Сонда Шаул Даўытқа: – Мейли бар, Жаратқан Ийе саған яр болсын! – деди.
38 Шаул өзиниң саўаш кийимлерин Даўытқа берди. Басына қола дуўлыға, үстине саўыт кийгизди.
39 Даўыт патшаның саўаш кийимлериниң үстинен қылышын да асынып жүрмекши болды. Бирақ ол буларға үйренбегенликтен, Шаулға: «Мен бул кийимлер менен жүре алмайман, себеби үйренбегенмен», – деди де, оларды шешип таслады.
40 Даўыт таяғын қолына алып, сайдан бес сыйпақ тас терип алды. Оларды шопан қоржынына салғаннан соң, сақпанын алды да, филист Голиятқа қарай жүрди.
41 Филист те, оның алдында қалқанын көтерип жүрген нөкери де Даўытқа қарай жүрди.
42 Голият Даўытқа бастан-аяқ қарап шығып, оны менсинбеди. Себеби Даўыт қызыл жүзли, сымбатлы жас жигит еди.
43 – Маған таяқ пенен шығатуғындай, мен не саған ийт пе едим? – деп, Голият өз қудайларының аты менен Даўытты нәлетледи.
44 Соңынан: – Берман кел, денеңди аспандағы қуслар менен қыр даладағы ҳайўанларға жем қылайын, – деди.
45 Даўыт оған былай деди: – Сен маған қылыш, найза ҳәм семсер менен қарсы шығып турсаң. Ал мен сен масқаралаған Израил әскерлериниң Қудайы, Әлемниң Жаратқан Ийесиниң аты менен саған қарсы шығып турман.
46 Бүгин Жаратқан Ийе сени маған тәслим етеди. Сени өлтирип, басыңды денеңнен жуда қыламан. Бүгин филист әскерлериниң өликлерин көктеги қуслар менен жердеги ҳайўанларға жемтик қыламан. Сонда пүткил жер жүзи Израилда Қудай бар екенин билип алады.
47 Бул жердегилердиң ҳәммеси Жаратқан Ийениң қылыш ҳәм найза менен қутқармайтуғынын билип алады. Себеби бул урыста Жаратқан Ийениң Өзи урысады. Ол сизлерди бизлерге тәслим етеди.
48 Голият тасланбақшы болып, Даўытқа қарай жүрди. Даўыт та оның менен алысыў ушын, филистлер сапына қарай тез жуўырып кетти.
49 Даўыт қолын қоржынына тығып, бир тасты алды да, сақпанына салып, атып жиберди. Тас филисттиң қақ маңлайын тесип кирди. Филист ет-бетинен жерге жығылды.
50 Солай етип, Даўыт филист Голиятты сақпан ҳәм тас пенен жеңди. Қолында қылышы болмаса да, оны өлтирип, жерге қулатты.
51 Соңынан Даўыт жуўырып барып, филисттиң үстине минип турды. Оның семсерин қынынан суўырып алды да, оны өлтирип, басын кесип алды. Өзлериниң батыры болған Голияттың өлгенин көрген филистлер қаша баслады.
52 Израил ҳәм Яҳуда әскерлери тура көтерилип, филистлерди Гаттың кирер аўзына ҳәм Экрон дәрўазаларына шекем қуўып барды. Шаарайымнан Гат ҳәм Экрон қалаларына баратуғын жолда филистлердиң өликлери жайрап жатты.
53 Филистлерди қуўып болып қайтып келген израиллылар филистлердиң ордасын талан-тараж етти.
54 Даўыт филист Голияттың басын алып, Ерусалимге әкелди, ал оның қурал-жарақларын өз шатырына қойды.
55 Шаул Даўыттың Голият пенен алысыўға шыққанын көргенде, сәркәрда Абнерден: «Абнер, мына жас жигит кимниң баласы?» – деп сораған еди. Ал Абнер патшаға: «Алдыңызда ант ишип айтаман: патшам, мен билмеймен», – деп жуўап берген еди.
56 Сонда патша оған: «Бул жигиттиң кимниң улы екенин бил», – деп буйырған еди.
57 Даўыт Голиятты өлтирип, ордаға қайтып келиўден-ақ, Абнер оны ертип, Шаулға апарды. Голияттың кесилген басын Даўыт еле қолына услап жүрген еди.
58 Шаул Даўыттан: – Кимниң улысаң? – деп сорады. Даўыт оған: – Бейтлеҳемли қулыңыз Ишайдың улыман, – деп жуўап берди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.