Эзра 6 bob
1 Буннан соң, патша Дарийдиң буйрығы бойынша, Бабилондағы ҳүжжетлер сақланатуғын архивте излеў ислери алып барылды.
2 Архив Мидия ўәлаятының пайтахты Ахмета қорған қаласында болып, ол жерден бир орама ҳүжжет табылды. Онда былай деп жазылған еди: «Есте сақлаў ушын:
3 патша Кирдиң ҳүкимдарлығының биринши жылында Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасы ҳаққында Кир мынадай пәрман шығарды: „Ибадатхана қурбанлық усынылатуғын орында, бурынғы тийкары үстине қайта қурылсын. Оның бийиклиги алпыс шығанақ, ени де алпыс шығанақ болсын.
4 Дийўаллары үш қатар үлкен таслардан ҳәм бир қатар ағаштан қурылсын. Ал кететуғын қәрежетлер болса, патша қазнасынан төленсин.
5 Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының алтын ҳәм гүмис ыдыслары, яғный Набуходоносордың Ерусалимдеги Ибадатханадан Бабилонға алып келген ыдыслары да қайтарып берилсин. Олар Ерусалимдеги Ибадатханаға, өз орнына алып барылып, Қудайдың Ибадатханасына қойылсын“».
6 Сонда патша Дарий мына хатты жоллады: «Солай етип, дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар-Бознай ҳәм олардың жолдаслары, яғный дәрьяның арғы тәрепинде жасаўшы ҳәмелдарлар! Ол жерге жақынласпаңлар.
7 Қудайдың Ибадатханасындағы ислерге араласпаңлар. Яҳуда ҳәкими ҳәм яҳудийлердиң ақсақаллары Қудайдың Ибадатханасын бурынғы орнына қайта тиклесин.
8 Буннан тысқары, Қудайдың Ибадатханасының қурылысы ушын яҳудий ақсақалларына жәрдем ретинде нелер ислеўиңиз кереклиги туўралы сизлерге мыналарды буйыраман: бул адамлардың жумсайтуғын қәрежетлери толық патша қазнасынан төленетуғын болғанлықтан, жумыс тоқтап қалмаўы ушын, дәрьяның арғы тәрепинен жыйналатуғын салықлардан тез оларға бериңлер.
9 Ерусалимдеги руўханийлер талап еткен ҳәмме нәрсе: аспанның Қудайына арнап жандырылатуғын қурбанлықлар ушын баспақлар, қошқарлар, тоқлылар, және де, бийдай, дуз, шарап ҳәм зәйтүн майы ҳәр күни иркинишсиз берилсин.
10 Солай етип, олар аспанның Қудайына унайтуғын қурбанлықлар берсин, патша ҳәм оның улларының өмири ушын дуўа етсин.
11 Тағы да мынаны буйыраман: егер ким де ким бул пәрманды өзгертсе, онда сол адамның үйинен бир бөрене алып шығылып, сол адам бөренениң ушына илдирип өлтирилсин, ал үйи қарабақанаға айландырылсын.
12 Өз атын сол жерде орнатқан Қудай бул пәрманды өзгертиўге ямаса Қудайдың Ерусалимдеги Ибадатханасын жоқ қылыўға урынған ҳәр бир патшаны яки халықты жоқ қылсын. Мен, Дарий усы буйрықты бердим. Буйрығым толық орынлансын».
13 Сонда дәрьяның арғы тәрепиндеги үлкениң ҳәкими Таттенай, Шетар- Бознай ҳәм олардың жолдаслары патша Дарийдиң буйрығын толық орынлады.
14 Яҳудий ақсақаллары қурылысты даўам етти ҳәм пайғамбарлар Хаггай менен Иддо улы Зехарияның пайғамбаршылық сөзлеринен жигер алып, олардың ислери табыслы болды. Олар Израилдың Қудайының буйрығы ҳәм Персия патшалары Кир, Дарий ҳәм Артаксеркстиң пәрманы бойынша Ибадатхананы қурып питкерди.
15 Ибадатхананың қурылысы патша Дарийдиң ҳүкимдарлығының алтыншы жылында, Адар айының үшинши күни тамамланды.
16 Израиллылар: руўханийлер, лебийлилер ҳәм сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўын қуўаныш пенен байрамлады.
17 Олар Қудайдың Ибадатханасының бағышланыўына арнап жүз баспақ, еки жүз қошқар ҳәм төрт жүз тоқлы шалды, ал Израил урыўларының саны бойынша он еки текени пүткил Израил халқының гүналары ушын гүна қурбанлығы ретинде қурбанлыққа берди.
18 Соңынан Муўсаның китабында жазылғанындай, руўханийлерди топарлары ҳәм лебийлилерди шақаплары бойынша Ерусалимдеги Қудайдың Ибадатханасындағы хызметке қойды.
19 Биринши айдың он төртинши күни сүргиннен қайтқанлар Қутқарылыў байрамын нышанлады.
20 Себеби руўханийлер менен лебийлилер өзлерин пәклеў рәсиминен өткерген болып, олардың ҳәммеси пәк еди. Лебийлилер сүргиннен қайтқанлардың ҳәммеси ушын, руўханий туўысқанлары ушын ҳәм өзлери ушын Қутқарылыў байрамының қурбанлығын шалды.
21 Сүргиннен қайтқан Израил халқы ҳәм Израилдың Қудайы Жаратқан Ийеге сыйыныў ушын, өзлерин әтираптағы халықлардың напәкликлеринен сақлаған адамлардың ҳәммеси қурбанлық гөшинен жеди.
22 Олар жети күн қуўаныш пенен Ашытқысыз нан байрамын байрамлады. Себеби Жаратқан Ийе оларды қуўанышқа бөледи ҳәм Израилдың Қудайы болған Қудайдың Ибадатханасының қурылысына жәрдем бериў ушын Ассирия патшасының жүрегин жибитти.