Шыгыу 13 bob

Туңғыш уллардың Қудайға бағышланыўы (1-16). Қамыс теңизинен өтиў (17-22)

 
1 Буннан соң, Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Барлық биринши туўылғанларды Маған бағышлаңлар. Израил ҳаялларының да, малларының да қарыннан биринши шыққанлары Меники, – деди.
3 Муўса халыққа былай деди: – Мысырдан, өзлериңиз қул болған елден шыққан бүгинги күнди есте сақлаңлар. Өйткени Жаратқан Ийе қүдиретли қолы менен сизлерди ол жерден алып шықты. Ашытқы салынған ҳеш нәрсе жемеңлер.
4 Бүгин Абиб* айында бул жерден шығып баратырсызлар.
5 Жаратқан Ийе сизлерди қанан, хет, амор, хиў ҳәм ебус халықларының жерлерине, ата-бабаларыңызға беремен деп ант ишкен, сүт ҳәм пал аққан елге апарғанда, усы айда мына рәсимди өткизиңлер:
6 жети күн ашытқысыз нан жеп, жетинши күни Жаратқан Ийеге арнап байрам қылыңлар.
7 Сол жети күн ишинде тек ашытқысыз нан жеңлер. Өзиңизде де, жасап атырған пүткил жериңизде де ашытқы салынған нан ямаса ашытқы болмасын.
8 Сол күни балаларыңызға: «Мысырдан шыққанымызда, Жаратқан Ийе бизлер ушын ислеген ислери себепли буларды ислеп атырмыз», – деп түсиндириңлер.
9 Бул рәсим қолыңызда бир белги, маңлайыңызда сақланатуғын яднама болсын. Усылайынша, Жаратқан Ийениң нызамы аўзыңызда болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди күшли қолы менен Мысырдан алып шықты
10 Сизлер де ҳәр жылы белгиленген ўақытта бул қағыйданы орынлаңлар.
11 Жаратқан Ийе сизлерге ҳәм ата-бабаларыңызға ант ишкениндей, сизлерди Қанан жерине апарып, сизлерге сол жерди бергенде,
12 қарыннан биринши шыққанлардың ҳәммесин Жаратқан Ийеге бағышлаңлар. Малларыңыздың биринши туўылған барлық еркек төллери Жаратқан Ийеге тийисли.
13 Ешектиң ҳәр бир биринши туўылған төлиниң орнына бир қозы берип, сатып алыңлар. Егер олай етпесеңиз, гүррениң мойнын үзиң. Барлық туңғыш улларыңыздың қунын өтеўиңиз тийис.
14 Келешекте улларыңыз сизлерден: «Буның мәниси қандай?» – деп сораса, оларға былай деп жуўап бериңлер: «Жаратқан Ийе бизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан, бизлер қул болған елден алып шықты.
15 Фараон бизлерди жибермей, қайсарлық көрсеткенде, Жаратқан Ийе Мысырда адамлардың ҳәм маллардың барлық туңғышларын өлтирди. Сонлықтан маллардың туңғыш төллерин Жаратқан Ийеге қурбанлыққа беремиз, ал туңғыш улларымыз ушын қун төлеймиз».
16 Бул рәсим қолыңызда бир белги, есиңизде сақланатуғын яднама болсын. Себеби Жаратқан Ийе сизлерди қүдиретли қолы менен Мысырдан алып шықты.
17 Фараон израиллыларды жибергенде, Қудай: халық урысқа дуўшар болатуғынын билгенде өкинип, Мысырға қайтып кетпесин, деп филист халқының жери арқалы өтетуғын жол қысқарақ болса да, оларды ол жер арқалы алып жүрмеди.
18 Қудай халықты Қамыс теңизине шөл жолы менен айландырып апарды. Израиллылар Мысырдан қарыў-жарақ пенен шыққан еди.
19 Муўса Юсуптиң сүйеклерин де өзи менен бирге алып шыққан еди. Өйткени Юсуп израиллыларға ант иштирип: «Қудай сизлерге сөзсиз нәзер салады. Сонда сүйеклеримди бул жерден алып кетиңлер», – деп нәсиятлап кеткен еди.
20 Израиллылар Суккоттан шығып, шөл шетиндеги Этамға орналасты.
21 Олардың күни-түни жол жүриўи ушын, Жаратқан Ийе күндиз минара сыяқлы булт болып жол көрсетип, түнде минара сыяқлы от болып жолларына жарық түсирип, оларды баслап жүрди.
22 Күндиз булт, түнде от халықтың алдынан бир дем де узақламады.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.