Ийшая 25 bob
1 Жаратқан Ийе, Сен мениң Қудайымсаң! Сени уллылайман, атыңа алғыс айтаман. Себеби Сен әжайып ислер қылдың, Әзелден дүзген режелериңди, Садықлық ҳәм исеним менен жүзеге асырдың.
2 Сен қаланы тас үйиндисине, Қорған қаланы қарабақанаға айландырдың. Жат жерлилердиң сарайы болған қаланы жоқ қылдың, Ол енди ҳеш қашан қайта қурылмас.
3 Сонлықтан күшли халықлар даңққа бөлер Сени, Реҳимсиз халықлар қорқар Сеннен.
4 Сен жарлыларға, Апатқа ушырағанда, кәмбағалларға пана болдың. Боранда баспана, жәзийрамада сая болдың. Реҳимсизлердиң қәҳәрли деми, дийўалға урылған даўылға,
5 Қурғақ жердеги ыссыға уқсар. Сен жат жерлилердиң шаўқымын, Ыссыны булт саясы менен бастырғандай бастырдың, Реҳимсизлердиң қосығы да сөнди.
6 Сион таўында Әлемниң Жаратқан Ийеси, Пүткил халықлар ушын мол тағамлы, Жыллаған шараплы, майлы жиликли, Тазартылған шараплы зыяпат береди.
7 Бул таўда Ол барлық халықларға жабылған пәренжелерди, Барлық миллетлерге жабылған жапқышларды жоқ қылады.
8 Ол өлимди мәңгиге жутып жибереди. Қудай Ийе ҳәммениң көз жасын сүртип қояды, Өз халқының шерменделигин пүткил жер жүзинен алып таслайды. Буны Жаратқан Ийе айтты.
9 Сол күни адамлар былай дейди: «Мине, бизлердиң Қудайымыз, Оған үмит байлаған едик, бизди қутқарды, Бул – үмит байлап күткен Жаратқан Ийемиз, Оның қутқарғанына қуўанып, шадланайық».
10 Жаратқан Ийениң қолы Сион таўын қорғайды, Дәрис тасланған шуқырда сабанның езилгени киби, Моаб та өз елинде аяқ асты болар.
11 Жүзиўши қолын жүзиў ушын сермегени сыяқлы, Моаб та дәрис ишинде қолларын сермер. Бирақ қанша ҳәрекет етсе де, Жаратқан Ийе оның менменлигин басып қояр.
12 Бийик ҳәм беккем дийўалларын жығып, қулатып, Жер менен жексен қылар.