Даниел 5 bob
1 Патша Белшассар мың ақсүйеклери ушын үлкен зыяпат берип, олар менен бирге шарап ишти.
2 Шараптан мәс болған Белшассар Ерусалимдеги Ибадатханадан әкеси Набуходоносор алып келген алтын ҳәм гүмис кеселерди алып келиўди буйырды. Патша ақсүйеклери, ҳаяллары ҳәм тоқаллары менен сол кеселерден шарап ишпекши еди.
3 Солай етип, Ерусалимдеги Ибадатханадан, яғный Қудайдың Үйинен алып келинген алтын ыдысларды алдырып, патшаның өзи, ақсүйеклери, ҳаяллары ҳәм тоқаллары сол ыдыслардан шарап ишти.
4 Олар шараптан ишип, алтын, гүмис, қола, темир, ағаш ҳәм тастан исленген қудайларды алғыслады.
5 Күтилмегенде, бир инсан қолы пайда болып, ҳәстениң қасындағы патша сарайының ҳәкленген дийўалына жаза баслады. Патша жазып атырған қолды көрди.
6 Оны қорқыныш бийлеп алып, жүзи бозарып кетти ҳәм белинде қуўаты қалмай, дизелери қалтырай баслады.
7 Патша даўыслап бақырып, порхан, данышпанлар ҳәм болжаўшыларды алып келиўди буйырды. Патша Бабилон данышпанларына: «Ким бул жазыўды оқып, оның мәнисин маған түсиндирип берсе, сол адамның үстине патшалық шапан кийгиземен, мойнына алтын шынжыр тағып, патшалықта үшинши ҳүкимдар етип тайынлайман», – деди.
8 Патшаның барлық данышпанлары ишке кирип келди, бирақ олар жазыўды оқый алмады, оның мәнисин де түсиндирип бере алмады.
9 Патша Белшассар қатты қорқынышқа түсип, жүзи бозарып кетти, ақсүйеклери болса сасқалақлап қалды.
10 Сол ўақытта патша ҳәм ақсүйеклериниң даўысларын еситип, зыяпат болып атырған жерге келген патшаның анасы: «Мырзамыз патшаның өмири узақ болсын! Қорқпа, түриңиз де қуўармасын!
11 Сизиң патшалығыңызда мухаддес қудайлардың руўхына толған бир адам бар. Әкеңниң дәўиринде бул адам ақыллы, зейинли ҳәм қудайлар сыяқлы дана деп тән алынған еди. Әкең патша Набуходоносор оны палкер, порхан, данышпан ҳәм болжаўшылардың басшысы етип тайынлаған еди.
12 Патша Набуходоносор Белтешассар деп атаған сол Даниел түслерди жорыўда да, жумбақларды түсиндириўде де, машқалаларды шешиўде де ғайры тәбийғый руўхқа, билим ҳәм ақыл-парасатқа ийе. Патшам, Даниелди усы жерге алып келиўди буйыр, ол сизге мына жазыўдың мәнисин түсиндирип берсин», – деди.
13 Солай етип, Даниел патшаның алдына алып келинди. Патша Даниелге былай деди: – Патша әкем Яҳудадан алып келген тутқынлар арасындағы Даниел сенбисең?
14 Сени қудайлар руўхы менен толған, ақыллы, зейинли ҳәм дана деп еситтим.
15 Мен данышпанларды ҳәм порханды мына жазыўды оқып, мәнисин түсиндирип берсин, деп шақырттым. Деген менен, олардың биреўи де мәнисин айта алмады.
16 Сениң жумбақларды шешип, оларды түсиндире алатуғыныңды еситтим. Егер сен ҳәзир бул жазыўды оқып, оның мәнисин түсиндире алсаң, мен сениң үстиңе патшалық шапан кийгиземен, мойныңа алтын шынжыр тағып, патшалықтағы үшинши ҳүкимдар етип тайынлайман.
17 Даниел патшаға былай деп жуўап берди: – Саўғаларыңыз өзиңизде қала берсин, яки оларды басқа биреўге бериң. Мен бул жазыўды сонда да оқып, оның мәнисин түсиндирип беремен.
18 Тақсыр, Қудай Таала әкеңиз Набуходоносорға патшалық, уллылық, даңқ ҳәм ҳүрмет берди.
19 Қудай оған берген уллылығы себепли ҳәмме халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр бир тилдеги адамлар әкеңизден қорқып қалтырайтуғын еди. Ол қәлегенин өлтирип, қәлегенин тири қалдыратуғын, қәлегенин мәртебеге көтерип, қәлегенин хор қылатуғын еди.
20 Деген менен, ол тәкаббирленип, менмен болып кеткенликтен, патшалық тахттан түсирилип, барлық салтанатынан айырылған еди.
21 Ол адамлар жәмийетинен шығарылып, ақылсыз ҳайўандай болып қалған еди. Әкеңиз адамзат патшалығының жалғыз ҳүкимдары Қудай Таала екенин ҳәм Ол тахтты қәлеген адамына беретуғынын түсингенше, жабайы ешеклер менен бирге жасап, мал сыяқлы от пенен азықланды ҳәм аспаннан түскен шыққа шомылды.
22 Ал оның зүряды болған сиз, патша Белшассар, булардың ҳәммесинен хабарыңыз болса да, кишипейил болмадыңыз.
23 Буның орнына сиз аспанның Қудайына қарсы бас көтердиңиз. Қудайдың Ибадатханасындағы ыдысларды алдырып, ақсүйеклериңиз, ҳаялларыңыз ҳәм тоқалларыңыз бенен шарап иштиңиз. Көрмейтуғын, еситпейтуғын, ҳеш нәрсени билмейтуғын гүмис, алтын, қола, темир, ағаш ҳәм тастан соғылған қудайларды алғысладыңыз. Бирақ өмириңизди ҳәм барлық жолларыңызды қолында услап турған Қудайды уллыламадыңыз.
24 Соның ушын, Қудай қол жиберип, усы сөзлерди жаздырды.
25 Бунда былай деп жазылған: МЕНЕ, МЕНЕ, ТЕКЕЛ ҳәм ПАРСИН.
26 Буның мәниси мынадан ибарат: МЕНЕ – Қудай сизиң ҳүкимдарлық күниңизди есаплап шығып, оның соңын белгиледи.
27 ТЕКЕЛ – сиз тәрезиде тартылып, жеңил болып шықтыңыз+.
28 ПЕРЕС – патшалығыңыз бөлинип, Мидия ҳәм Персияға бериледи.
29 Сонда Белшассардың берген буйрығы бойынша, Даниелге патшалық шапан кийдирилип, мойнына алтын шынжыр тағылды ҳәм ол патшалықтағы үшинши ҳүкимдар, деп жәрияланды.
30 Сол күни түнде Бабилон патшасы Белшассар өлтирилди.
31 Оның патшалығын алпыс еки жастар мидиялы Дарий ийеледи.