Амос 9 bob
1 Мен Ийени көрдим, Ол қурбанлық орынның қасында турып, былай деди: «Тиреп турған сүтинлердиң төбесине урың, Босағалары ләрзеге келсин. Олар адамлардың үстине қуласын, Аман қалғанларын қылыш жүзинен өткеремен, Олардан ҳеш бири қашып кете алмайды, Биреўи де аман қалмайды.
2 Ҳәттеки, олар өлилер мәканына кирсе де, Қолымды созып, шығарып аламан. Көклерге шығып алса да, Ол жерден тартып түсиремен.
3 Кармел таўының жоқарысына жасырынып алса да, Олардың изине түсип, таўып аламан. Меннен жасырыныў ушын теңиз түбине түссе де, Теңиз жыланына буйырып, оларды шақтыраман.
4 Душпанлар оларды сүргин қылып алып кетсе де, Қылышқа буйрық берип, ҳәммесин қырып таслатаман. Жақсылық ушын емес, ал жаманлық ушын, Оларға Өз нәзеримди таслайман».
5 Ийе, Әлемниң Жаратқан Ийеси, Жерге қол тийгизгенде, жер ерип кетеди, Онда жасайтуғынлардың ҳәммеси қайғыға батады. Пүткил жер жүзи Нил дәрьясындай тасып, көтериледи, Мысырдағы Нил дәрьясы сыяқлы қайтадан төменлейди.
6 Ол сарайының жоқарғы бөлмесин көкке қурды, Оның тийкарын жер жүзине орнатты. Ол теңиз суўларын жыйнап, жер жүзине төгеди, Оның аты Жаратқан Ийе.
7 Жаратқан Ийе былай дейди: «Ҳәй, Израил халқы, Мениң ушын кушлылардан қандай айырмашылығыңыз бар? Израил халқын Мысырдан, Филист халқын Кафтордан, Арамлыларды Кирден алып шыққан Мен емеспен бе?»
8 «Мине, Қудай Ийениң, Мениң көзлерим, Гүнакар патшалықтың үстинде. Оны жер жүзинен сыпырып таслайман, Бирақ оларды, Яқыптың урпақларын пүткиллей жоқ қылмайман, – дейди Жаратқан Ийе.
9 – Мине, Мен буйрық беремен, Барлық миллетлер арасындағы Израил халқын, Дәнди електен өткергендей етип, електен өткеремен, Жақсы дәнниң биреўи де жерге түспейди.
10 Халқымның арасындағы барлық гүнакарлар, „Апаттан узақтамыз, апатқа дуўшар болмаймыз“, – дегенлер, Қылыш жүзинен өткериледи».
11 «Сол күни Даўыттың қулаған патшалығын қайтадан тиклеймен, Дийўалларының жарық жерлерин сыбап, Бузылған жерлерин оңлайман. Оны бурынғы қәлпине келтиремен.
12 Солай етип, Израил халқы эдомлылардың аман қалғанларына, Маған тийисли болған барлық миллетлерге ийелик етеди». Бул сөзлерди усылардың ҳәммесин иске асырыўшы Жаратқан Ийе айтпақта.
13 Жаратқан Ийе былай дейди: «Мине, мынадай күнлер келеди, Дийхан зүрәәтти жыйнап, терип үлгерместен, Келеси жер айдайтуғын ўақыт келеди, Шарап таярлап үлгерместен, Жүзимниң мийўеси және писеди. Таўлардан мазалы шарап тамады, Барлық төбешиклерден жерге ағып түседи.
14 Сүргин болған халқым Израилды қайтарып алып келемен, Олар ўайран болған қалаларын қайта тиклеп, сол жерде жасайды, Жүзимзарлар егип, шарабын ишеди, Бағлар отырғызып, мийўелеринен жейди.
15 Мен оларды өз жерине егемен, Мен берген жерден, Оларды ҳеш ким суўырып тасламайды». Буны Қудайыңыз Жаратқан Ийе айтпақта.