Аян 13 bob
1 Соңынан мен он шақлы, жети баслы бир жыртқыш ҳайўанның теңизден шығып киятырғанын көрдим. Оның шақларында он таж болып, басларында Қудайға тил тийгизиўши атлар жазылған еди.
2 Мен көрген жыртқыш ҳайўан қапланға уқсаған еди. Оның аяқлары айыўдың аяғындай, аўзы арысланның аўзындай еди. Айдарҳа оған өз қүдирети ҳәм тахты менен бирликте үлкен бийлик те берди.
3 Жыртқыш ҳайўанның басларының бири өлимши ҳалда жарақатланғандай болып көринди. Деген менен, бул жарақат жазылып кетти. Сонда пүткил дүнья таң қалып, жыртқыш ҳайўанның изине ерип кетти.
4 Адамлар жыртқыш ҳайўанға бийлик берген айдарҳаға сыйынды. Олар жыртқыш ҳайўанға да сыйынып: «Бул жыртқыш ҳайўанға ким тең келе алады? Оның менен ким урыса алады?» – деди.
5 Өзин мақтап, Қудайға тил тийгизетуғын сөзлер айтыў ушын жыртқыш ҳайўанға аўыз берилди. Ол және қырық еки ай даўамында жүргизетуғын бийлик алды.
6 Қудайға, Оның аты менен мәканына ҳәм аспанда жасаўшыларға тил тийгизиў ушын, жыртқыш ҳайўан аўзын ашып сөйлей баслады.
7 Оған мухаддеслерге қарсы урысып, оларды жеңиўге күш берилди. Ол ҳәр бир урыў, ҳәр бир халық, ҳәр бир тил ҳәм ҳәр бир миллет үстинен бийликке ийе болды.
8 Дүньяға тийисли адамлардың ҳәммеси, дүнья жаратылғаннан бери баўызланған Қозының Өмир китабында аты жазылмаған ҳәр бир адам жыртқыш ҳайўанға сыйынды.
9 Қулағы бар мыналарды еситип алсын:
10 «Кимниң тәғдирине тутқын болыў жазылса, Ол тутқынға түседи. Кимниң тәғдирине қылыш пенен өлтирилиў жазылса, Ол қылыш пенен өлтириледи» . Сол ўақытта мухаддеслердиң сабыр етип, исениўи керек болады.
11 Буннан соң, мен жерден шығып киятырған басқа бир жыртқыш ҳайўанды көрдим. Оның қозыникиндей еки мүйизи болып, ол айдарҳа сыяқлы сөйлейтуғын еди.
12 Бул жыртқыш ҳайўан биринши жыртқыш ҳайўанның пүткил бийлиги менен ол ушын ҳәрекет етти. Жер жүзин ҳәм онда жасайтуғынларды өлимши ҳалдағы жарақаты жазылған биринши жыртқыш ҳайўанға сыйыныўға мәжбүрледи.
13 Ол үлкен кәраматлар ислеп, ҳәтте, адамлардың көз алдында аспаннан жерге от та жаўдырды.
14 Биринши жыртқыш ҳайўан ушын, ол өзине ислеўге рухсат етилген кәраматлар* арқалы жер жүзинде жасайтуғынларды жолдан азғырды. Ол адамларға қылыштан жараланған, бирақ тири қалған биринши жыртқыш ҳайўанның ҳүрметине оның бутын соғыўды буйырды.
15 Биринши жыртқыш ҳайўанның буты тилге кирип, өзине табынбағанлардың ҳәммесин өлтириўди буйырсын деп, оған биринши жыртқыш ҳайўанның бутына жан бериў ушын қүдирет берилди.
16 Ол ҳәр бир адамды: үлкен-кишини, бай-жарлыны, азат-қулды оң қолына ямаса маңлайына тамға бастыртыўға мәжбүрледи.
17 Солай етип, ким де ким усы тамғаға, яғный биринши жыртқыш ҳайўанның атына ямаса атының санына ийе болмаса, бир нәрсе сатып ала алмайды да, сата алмайды да.
18 Бул даналықты талап етеди. Ақылы жеткен адам ҳайўанның санын есаплап шықсын. Өйткени бул – адамның саны. Оның саны алты жүз алпыс алты.