Эстер 2 bob

Эстердиң ханбийке болыўы(1-18). Мордохайдың патшаның өмирин сақлап қалыўы(19-23). 

1 Патша Ахашўероштың ашыўы басылғаннан кейин, ол Ўаштийди, оның ислеген исин ҳәм оған қарсы шығарылған ҳүкимди есине түсирди.
2 Патшаның арнаўлы хызметшилери: «Патшамыз ушын жас, сулыў ҳәм пәк қызлар изленсин.
3 Буның ушын патшаның қолы астындағы барлық ўәлаятларда бақлаўшылар тайынлансын. Олар жас, сулыў ҳәм пәк қызларды Суза қаласындағы ҳаял-қызлар сарайына жыйнатып, патшаның ҳаялларына қарайтуғын ақтасы Ҳегайдың қараўына тапсырсын ҳәм оларға ийисли затлар менен пардоз берилсин.
4 Патшамызға унаған қыз Ўаштийдиң орнына ханбийке болсын», – деди. Бул гәп патшаға мақул болды ҳәм ол солай иследи.
5 Суза қаласында Бенямин урыўынан болған Мордохай деген бир яҳудий жасайтуғын еди. Ол Яир деген адамның улы болып, Яир Шимейдиң, ал Шимей Киштиң улы еди.
6 Киш Яҳуда патшасы Ехония менен бирге Бабилон патшасы Набуходоносор тәрепинен Ерусалимнен сүргин етилип алып келингенлердиң бири еди.
7 Мордохайға әкеси жағынан туўысқан болған Ҳадасса атлы бир қыз бар еди. Басқа аты Эстер болған Ҳадасса ата- анасынан жетим қалғаннан соң, Мордохай оны асырап алып тәрбиялады. Қыз қәдди-қәўмети келискен, сулыў еди.
8 Патшаның буйрығы менен пәрманы жәрияланғаннан соң, көп қызлар Суза қаласына әкелинип, ҳаял-қызлар ушын жуўапкер болған Ҳегайдың қараўына тапсырылды. Патша сарайына әкелинген қызлардың ишинде Эстер де бар еди.
9 Ҳегай Эстерди унатты ҳәм оған кеўли толды. Ол Эстерге пардозланыўы ушын керекли затларды ҳәм оған арналған азық- аўқатларды бериўге асықты. Оған хызмет етиў ушын патша сарайынан сайланған жети қызды белгиледи. Эстерди ҳәм оның қәнизеклерин ҳаял- қызлар сарайының ең жақсы бөлмесине жайластырды.
10 Эстер өз халқы ҳәм өз ата теги ҳаққында ашық айтпады. Себеби Мордохай оған бул туўралы аўыз ашпаўды буйырған еди.
11 Мордохай ҳәр күни Эстердиң аўҳалынан хабар алыў ушын ҳәм оған не болып атырғанын билиў ушын ҳаял-қызлар сарайының ҳәўлиси әтирапында жүретуғын еди.
12 Патша Ахашўероштың алдына кириў гезеги келгенше, ҳәр бир жас қызға он еки ай даўамында пардоз берилетуғын еди. Қызлар ушын шығарылған қағыйда усындай болып, оларға алты ай мирра майы, алты ай әтир майлары ҳәм пардозлайтуғын затлар жағылатуғын еди.
13 Соңынан қыз патшаның алдына киретуғын еди. Қыз патша сарайына кирер алдынан ҳаяллар сарайынан нени алыўды қәлесе, оған ҳәммеси берилетуғын еди.
14 Кеште патшаның бөлмесине кирген қыз ертеңине азанда патшаның тоқалларына қарайтуғын ақтасы Шаашгаздың бақлаўы астындағы екинши ҳаяллар сарайына қайтатуғын еди. Патшаға унамаған ҳәм аты айтып шақырылмаған қыз патшаның жанына қайтып кире алмайтуғын еди.
15 Патшаның бөлмесине кириў гезеги Мордохайдың асырап алған қызына, яғный оның ағасы Абихайылдың қызы Эстерге келгенде, ол патшаның ҳаялларын қараўыллайтуғын ақтасы Ҳегайдың айтқанларын ғана алды ҳәм басқа ҳеш нәрсе сорамады. Эстер өзин көрген ҳәр бир адамның кеўлине унап қалды.
16 Солай етип, Ахашўероштың патшалық етиўиниң жетинши жылының оныншы айы, Тебет айында Эстер патша Ахашўероштың сарайына апарылды.
17 Патша Эстерди басқа қызлардан гөре көбирек жақсы көрип қалып, оған кеўли толды ҳәм Эстерди басқа ҳаял-қызларға қарағанда көбирек унатты. Ахашўерош Эстердиң басына таж кийдирип, оны Ўаштийдиң орнына ханбийке етип қойды.
18 Соңынан патша барлық ўәзирлери ҳәм хызметшилери ушын Эстердиң ҳүрметине үлкен зыяпат берди. Ол ўәлаятларға байрам жәрия етти ҳәм патшаларға ылайық сақыйлық пенен саўғалар үлестирди.
19 Қызлар екинши рет жыйналғанда, Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырған еди.
20 Эстер Мордохайдың буйрығы бойынша өзиниң ата теги ҳәм халқы ҳаққында еле ҳеш нәрсе айтпаған еди. Эстер Мордохайдың тәрбиясында болған ўақтында оған қалай бойсынатуғын болса, ҳәзир де солай бойсынатуғын еди.
21 Сол күнлери Мордохай сарайда өз хызметин атқарып отырғанда, дәрўаза сақшылары болған Бигтан ҳәм Тереш деген еки ақта патша Ахашўерошқа ашыўланып, оны өлтириўди режелестирди.
22 Мордохай бул исти билгенде, ханбийке Эстерге хабарлады. Эстер оны Мордохайдың атынан патшаға жеткизди.
23 Бул ўақыя тексерилип, дурыс деп табылды ҳәм еки сақшы да дарға асылды. Кейин бул ўақыя жылнама китабына патшаның көз алдында жазып қойылды/


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.