Шыгыу 14 bob

1 Соңынан Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди:
2 – Израиллыларға айт, олар изге қайтып, Пий-Ҳахироттың қасына, Мигдол менен теңиз арасына, Баал-Сефонның қарсысындағы теңиз жағасына орналассын.
3 Сонда фараон: «Израиллылар ел гезип, адасып кетти, олар шөл қоршаўында қалды», – деп ойлайды.
4 Мен фараонның жүрегин қатал қыламан ҳәм ол израиллылардың изинен қуўады. Солай етип, Мен фараонды ҳәм оның пүткил әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен. Сонда мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады. Израиллылар айтылғанды иследи.
5 «Израил халқы қашып кетипти», – деген хабар Мысыр патшасына жеткенде, ол ҳәм оның хызметкерлери израиллылар туўралы көз қарасларын өзгертип: «Бизлер не ислеп қойдық? Израиллыларды жиберемиз деп, қулларымыздан айырылдық-ғо!» – дести.
6 Фараон өзиниң саўаш арбасын жектирип, ләшкерлерин таярлады.
7 Ол алты жүз сайланды саўаш арбасын, Мысырдың басқа барлық саўаш арбаларын ҳәм олардың басшыларын жанына алды.
8 Жаратқан Ийе Мысыр патшасы фараонның жүрегин қатал қылып қойды. Ол нық қәдем атып баратырған израиллылардың изинен қуўып кетти.
9 Мысырлылар фараонның пүткил әскерлери, атларға жегилген саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери менен израиллылардың изине түсип, теңиз жағасына, Пий- Ҳахирот жақынына, Баал-Сефонның қарсысына ордасын қурған израиллыларға жетип алды.
10 Фараон жақынласып қалды. Израиллылар артына бурылып қараса, мысырлылардың излеринен қуўып киятырғанын көрди. Сонда олардың зәррелери ушып, Жаратқан Ийеге пәрияд етти.
11 Олар Муўсаға былай деди: – Мысырда қәбир жоқтай, бизлерди шөлде өлиўге алып келдиң бе? Мысырдан алып шығып, бизлерге не қылғаның?
12 Мысырда болғанымызда, саған: «Бизлерди тынышымызға қой, мысырлыларға хызмет ете берейик», – деген жоқ па едик? Шөлде өлгеннен гөре, мысырлыларға қул болғанымыз жақсырақ еди-ғо!
13 Бирақ Муўса оларға: – Қорқпаңлар! Орныңызда беккем турып, Жаратқан Ийениң бүгин сизлерди қалай қутқаратуғынын көриңлер. Бүгин өзлериңиз көрип турған мысырлыларды енди ҳеш қашан көрмейсизлер.
14 Жаратқан Ийе сизлер ушын урысады. Ал сизлер тыныш турсаңыз болды, – деди.
15 Сонда Жаратқан Ийе Муўсаға былай деди: – Неге Маған пәрияд етип атырсаң? Израиллыларға айт, алға қарай жылжый берсин.
16 Ал сен таяғыңды көтерип, оны теңиздиң үстине қарай соз да, суўды қақ айыр. Сонда израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өтеди.
17 Мен мысырлылардың жүрегин қатал қыламан. Олар израиллылардың изинен қуўады. Мен фараонды, оның барлық әскерлерин, саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин жеңип, Өз салтанатымды көрсетемен.
18 Фараон, оның саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери себепли салтанатқа ерискенимде, мысырлылар Мениң Жаратқан Ийе екенимди билип алады.
19 Израил ордасының алдында баратырған Қудайдың периштеси орнын өзгертип, артқа өтти. Халықтың алдындағы минара сыяқлы булт та орнын өзгертип, артқа,
20 Мысыр әскерлериниң ҳәм Израил халқының ортасына барып турды. Булт мысырлылар тәрепте қараңғылық орнатып, израиллылар тәрепти жақты қылып турды. Сол себептен түн бойы еки тәреп бир-бирине жақынласа алмады.
21 Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды. Жаратқан Ийе пүткил түн бойы шығыстан күшли самал естирип, теңиз суўын изге ийтерди ҳәм теңизди қурғақ жерге айландырды. Суў екиге бөлинди.
22 Израиллылар қурғақ жерди басып, теңиздиң ортасынан өтти. Теңиз суўы оң ҳәм шеп тәрепте оларға дийўал болып турды.
23 Ал мысырлылар олардың изинен қуўды, фараонның барлық атлары, саўаш арбалары ҳәм оның үстиндеги әскерлери теңиздиң ишине кирип кетти.
24 аң атарда Жаратқан Ийе минара сыяқлы от ҳәм булт ишинен Мысыр ордасына нәзер салып, оларды албыратып таслады.
25 Қудай олардың саўаш арбаларының дөңгелеклерин шығарып таслағанда, олар зорға қозғалды. Сонда мысырлылар: «Израиллылардан қашайық. Өйткени олар ушын Жаратқан Ийениң Өзи бизлерге қарсы урысып атыр», – дести.
26 Кейин Жаратқан Ийе Муўсаға: – Қолыңды теңиздиң үстине қарай соз. Суўлар мысырлыларды, олардың саўаш арбаларын ҳәм оның үстиндеги әскерлерин басып кетсин, – деди.
27 Солай етип, Муўса қолын теңиздиң үстине қарай созды ҳәм таңға жақын теңиз өз ҳалына қайтты. Сонда қашып атырған мысырлылар суўға дуўшар болып, Жаратқан Ийе оларды теңиздиң ишине батырып жиберди.
28 Өз ҳалына қайтқан суў саўаш арбаларды, оның үстиндеги әскерлерди, яғный израиллылардың изинен теңизге түскен фараонның пүткил әскерлерин жутып кетти. Олардан бирде бир адам аман қалмады.
29 Деген менен, израиллылар теңиздиң ишинен қурғақ жер арқалы жүрип өткен еди. Суўлар оң ҳәм шеп тәрепте турып, оларға дийўал болған еди.
30 Жаратқан Ийе сол күни израиллыларды мысырлылардың қолынан қутқарды. Израиллылар мысырлылардың теңиз жағасында өлип жатырғанын көрди.
31 Жаратқан Ийениң мысырлыларға көрсеткен уллы қүдиретин көрген Израил халқы Жаратқан Ийеден қорқып, Оған ҳәм Оның қулы Муўсаға исенди.


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.