Даниел 3 bob
1 Патша Набуходоносор үлкен бир алтын мүсин ислетти. Бийиклиги алпыс шығанақ, ени алты шығанақ болған бул мүсинди Бабилон ўәлаятындағы Дура тегислигине орнатты.
2 Соннан соң, ол найыпларды, ҳүкимдарларды, ҳәкимлерди, ўәзирлерди, қазнашыларды, қазыларды, ҳәмелдарларды ҳәм барлық ўәлаят хызметкерлерин шақырып, өзи орнатқан мүсинниң ашылыў мәресимине қатнасыўын буйырды.
3 Олардың барлығы патша Набуходоносор орнатқан мүсинниң ашылыў мәресимине қатнасыў ушын, мүсинниң алдына жыйналғанда,
4 жаршы бәлент даўыс пенен былай деп жар салды: «Ҳәй, барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр түрли тилдеги адамлар, патшаның буйрығына қулақ салыңлар!
5 Кәрнай, най, лира, цитра, арфа, дәп ҳәм басқа да саз әсбапларының шертилген даўысларын еситиўден, жерге жығылып, патша Набуходоносор орнатқан алтын мүсинге табыныңлар.
6 Ким де ким тәжим қылып, табынбаса, сол ўақыттың өзинде от жанып турған печьке тасланады».
7 Сонлықтан кәрнай, най, лира, цитра, арфа ҳәм басқа да саз әсбапларының даўысын еситиўден, барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр түрли тилдеги адамлар жерге жығылып, патша Набуходоносор орнатқан мүсинге табынды.
8 Сол ўақытта яҳудийлерди қаралаў нийетинде жүрген базы калдейлер пайыттан пайдаланып,
9 патша Набуходоносорға былай деди: «Уллы мәртебели патша, өмириңиз узақ болсын!
10 Тақсыр, сизиң буйрығыңыз бойынша, кәрнай, най, лира, цитра, арфа, дәп ҳәм басқа да саз әсбапларының даўысын еситкен ҳәр бир адам жерге жығылып, алтын мүсинге табыныўы керек емес пе еди?
11 Сиз буйрыққа әмел қылмаған ҳәр бир адамның от жанып турған печьке тасланатуғынын айтқан едиңиз.
12 Бирақ базы яҳудийлер, яғный өзиңиз Бабилон ўәлаятына ҳүкимдар етип тайынлаған Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него сизиң буйрығыңызға бойсынбады. Бул адамлар қудайларыңызға табынбайды, сиз орнатқан мүсинге де табыныўды мақул көрмеди».
13 Бул хабарды еситип, қатты ғәзепленген Набуходоносор Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны алдына алып келиўди буйырды. Олар патшаның алдына алып келингенде,
14 Набуходоносор оларға былай деди: – Ҳәй, Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него, мениң қудайларыма ҳәм мен орнатқан алтын мүсинге табынбағаныңыз ырас па?
15 Деген менен, мен сизлерге және бир мүмкиншилик беремен. Ҳәзир кәрнай, най, лира, цитра, арфа, дәп ҳәм басқа да саз әсбапларының даўысын еситиўденақ, жерге жығылып, мен орнатқан мүсинге табыныңлар. Егер тәжим етпесеңлер, сол ўақыттың өзинде отлы печьке тасланасызлар. Сонда сизлерди мениң қолымнан ҳеш бир қудай да қутқара алмайды!
16 Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него патшаға былай деп жуўап берди: – Мырзамыз, бул мәселеде өзлеримизди ақламақшы емеспиз.
17 Бизлер сыйынатуғын Қудай бизлерди от жанып турған печьтен де, сизиң қолыңыздан да қутқара алады.
18 Бирақ егер Ол бизлерди қутқармаған жағдайда, тақсыр, мынаны билип қойың: бизлер ҳеш қашан қудайларыңызға сыйынбаймыз, сиз орнатқан алтын мүсинге де табынбаймыз.
19 Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоның бул жуўабына Набуходоносордың қатты ғәзеби келгенликтен түри өзгерип кетти. Ол печьтеги отты алдынғысынан жети есе қатты жандырыўды буйырды.
20 Кейин әскерлериниң арасынан ең күшли әскерлерге Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны байлап, отлы печьке таслаўды буйырды.
21 Солай етип, әскерлер оларды байлап, үстки кийими, ыштаны, бас кийими, қулласы барлық кийимлери менен бирге отлы печьке таслады.
22 Патшаның буйрығының қатаң болғанлығы ҳәм печьтиң соншелли күшли жанып турғанлығы себепли, Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны отқа таслаған әскерлер оттың ҳәўирине күйип өзлери өлип қалды.
23 Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него болса байланған ҳалда отлы печьке қулап түсти
24 Буны тамаша қылып турған патша Набуходоносор бирден орнынан секирип турды да, таң қалып, кеңесгөйлерине: – Печьке байланған ҳалда үш адамды тасламадық па? – деп бақырып жиберди. – Әлбетте, сондай, мырзамыз патша, – деп жуўап берди олар.
25 Патша: – Қараңлар, ал мен от ишинде байланбаған ҳалда жүрген төрт адамды көрип турман. Олардың ҳеш бири де зыян көрмеген. Төртиншиси болса, көринисинен иләҳий барлыққа уқсайды! – деди.
26 Набуходоносор от жанып турған печьтиң аўзына барып: – Ҳәй, Қудай Тааланың қуллары Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него, берман шығыңлар! Мениң алдыма келиңлер! – деп бақырды. Сонда Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Него оттың ишинен шықты.
27 Барлық найыплар, ҳүкимдарлар, ҳәкимлер ҳәм патша кеңесгөйлери Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоны дөгереклеп алды ҳәм оттың бул адамларға ҳеш қандай зыян тийгизбегенин көрди. Олардың шашлары күймеген, кийимлерине зыян тиймеген, ҳәттеки, олардан оттың ийиси де шықпай турған еди.
28 Сонда Набуходоносор былай деди: «Шадрах, Мешах ҳәм АбедНегоның Қудайына алғыс-мақтаўлар болсын! Ол өз периштесин жиберип, Өзине исенген қулларын қутқарды. Олар өз Қудайынан басқа қудайларға сыйыныўдан гөре, жанынан кешиўди абзал көрди, соның ушын, патшаның, яғный мениң буйрығыма бойсыныўдан бас тартты.
29 Соның ушын, мынаны пәрман қыламан: Шадрах, Мешах ҳәм АбедНегоның Қудайына тил тийгизген ҳәр бир адам қайсы халық, миллет ямаса қайсы тилге тийисли болыўына қарамастан, олар шаўып тасланады, үйлери болса ўайран қылынады. Өйткени бундай қылып қутқара алатуғын басқа қудай жоқ».
30 Кейин патша Шадрах, Мешах ҳәм Абед-Негоның мәртебесин және де асырып, оларды Бабилон ўәлаятындағы жоқарғы лаўазымға көтерди.
31 Патша Набуходоносор жер жүзиндеги барлық халықлар, миллетлер ҳәм ҳәр түрли тилдеги адамларға мынадай хабар жоллады: «Сизлерге тынышлық ҳәм берекет тилеймен!
32 Қудай Тааланың маған көрсеткен белги ҳәм кәраматлары ҳаққында сизлерди хабардар қылмақшыман.
33 Қандай уллы Оның белгилери! Қандай қүдиретли кәраматлары! Оның патшалығы – мәңги патшалық болар, Оның ҳүкимдарлығы әўладтан-әўладқа даўам етер».