Жаратылыс 26 bob

Ысақ ҳәм Абимелех патша (1-11). Ысақтың жарылқаныўы (12-25). Ысақ пенен Абимелех арасындағы келисимниң дүзилиўи (26-33).Эсаўдың ҳаяллары (34-35) 

1 Елде Ибрайымның дәўиринде болған ашлықтан басқа бир ашлық жүз берди. Ысақ Герарға, филистлердиң патшасы Абимелехке кетти+.
2 Жаратқан Ийе Ысаққа көринип былай деди: «Мысырға барма, Мен айтатуғын жерде жаса.
3 Сол жерде келгинди болып жасай бер. Мен сениң менен бирге болып, сени жарылқайман. Мине, усы жерлердиң ҳәммесин саған ҳәм сениң урпақларыңа беремен. Әкең Ибрайымға берген антымды орынлайман+.
4 Сениң урпақларыңды аспандағы жулдызлар сыяқлы көбейтип, усы жерлердиң ҳәммесин оларға беремен. Жер жүзиниң барлық халықлары сениң урпақларың арқалы жарылқанады+.
5 Өйткени Ибрайым Маған бойсынып, Мениң тапсырмаларымды, буйрықларымды, қағыйдаларымды ҳәм көрсетпелеримди орынлады».
6 Солай етип, Ысақ Герарда орналасып қалды.
7 Сол жердиң халқы оннан ҳаялы ҳаққында сорағанда, ол ҳаялын қарындасым деп айтты. Себеби ол: «Ребекка гөззал, сонлықтан бул жердиң адамлары мени ол себепли өлтиреди», – деп ойлап, оны ҳаялым деп айтыўға қорқты+.
8 Ысақ сол жерде жасап атырғанына көп болғанда, филистлердиң патшасы Абимелех терезеден қарап, Ысақтың Ребекканы аймалап атырғанын көрди.
9 Сонда Абимелех Ысақты шақырып алып: – Ол сениң ҳаялың екен-ғо. Неге оны қарындасым дедиң? – деп сорады. Ысақ оған жуўап берип: – Өйткени, ол себепли мени өлтиреди деп ойладым, – деди.
10 Абимелех оған: – Неге бизлерге булай иследиң? Халық арасынан биреўдиң ҳаялыңа жақынласып қойыўы мүмкин еди-ғо. Сондай болғанда, сен бизлерди гүнаға батырар едиң! – деди.
11 Соңынан Абимелех пүткил халыққа: «Ким де ким бул адамға ямаса оның ҳаялына қол тийгизсе, ол сөзсиз өлтириледи», – деди.
12 Ысақ сол жерге туқым септи ҳәм сол жылы жүз есе артық өним алды. Себеби оны Жаратқан Ийе жарылқаған еди.
13 Ысақ байып кетти, байлығы кем-кемнен көбейип, ол жүдә бай адамға айланды.
14 Оның ири ҳәм майда маллары, көп хызметшилери болғанлықтан, филистлер оны қызғана баслады.
15 Әкеси Ибрайымның тири ўақтында оның хызметшилери қазған қудықлардың ҳәммесин филистлер топырақ пенен көмип таслады+.
16 Сонда Абимелех Ысаққа: – Бизиң жеримизден кет, өйткени сен бизлерден гөре анағурлым күшли болып кеттиң, – деди.
17 Соннан кейин, Ысақ ол жерден кетип, Герар ойпатлығына шатырларын тикти ҳәм сол жерге қоныс басты.
18 Әкеси Ибрайымның тири ўақтында қазылып, оның өлиминен соң филистлер тәрепинен көмип тасланған қудықларды Ысақ қайтадан қаздырып, оларға әкеси қойған бурынғы атларды қойды.
19 Ысақтың хызметшилери ойпатлықта қудық қазып атырып, бир булақ тапты.
20 Герар шопанлары: «Бул суў бизлердики», – деп Ысақтың шопанлары менен жәнжеллести. Олар өзи менен таласқаны ушын Ысақ қудықты Эсек* деп атады.
21 Соңынан олар басқа бир қудық қазды. Бирақ бул қудық себепли де жәнжел шығып, Ысақ оны Ситна* деп атады.
22 Ысақ ол жерден көшип кетип, және басқа бир қудық қаздырды. Бул қудық себепли жәнжел шықпағанлықтан, Ысақ оны Рехобот* деп атап: «Жаратқан Ийе ақыры бизлерге кең жер берди. Енди бизлер бул жерде өсип-өнемиз», – деди.
23 Ысақ ол жерден Беер-Шебаға көшип кетти.
24 Жаратқан Ийе сол күни түнде оған көринип: «Мен әкең Ибрайымның Қудайыман. Қорқпа, Мен сениң менен биргемен. Мен сени жарылқайман ҳәм қулым Ибрайым ушын урпағыңды көбейтемен», – деди.
25 Ысақ сол жерде қурбанлық орын қурып, Жаратқан Ийениң атын айтып шақырды. Ол шатырларын сол жерге тикти ҳәм оның хызметшилери бир қудық қазды.
26 Абимелех, оның кеңесгөйи Ахуззат ҳәм сәркәрдасы Пихол Герардан Ысаққа келди.
27 Ысақ оларға: – Неге мениң алдыма келдиңлер? Сизлер мени жек көрип, елиңизден қуўып жиберген едиңиз-ғо! – деди.
28 Олар: – Жаратқан Ийениң сениң менен бирге екенин бизлер анық билдик. Сонлықтан бизлер сениң менен өз ара ант ишип, келисим дүзиўди ойладық.
29 Бизлер саған қол тийгизбей, тек жақсылық етип, сени тынышлық пенен жибергенимиз сыяқлы, сен де бизлерге жаманлық ислемеўиң ҳаққында келисим дүзейик. Сен енди Жаратқан Ийе тәрепинен жарылқанған адамсаң, – деди+.
30 Ысақ олар ушын зыяпат берди ҳәм олар ишип-жеди.
31 Ертеңине таң азанда турып, олар бир-бирине ант берди. Соңынан Ысақ оларды шығарып салды ҳәм олар Ысақтың алдынан аман-есен кетти.
32 Усы күни Ысақтың хызметшилери келип: «Бизлер суў таптық», – деп өзлери қазған қудық ҳаққында оған хабарлады.
33 Ысақ ол қудықтың атын Шеба* деп атады. Сол себепли ол қаланың аты бүгинги күнге шекем Беер- Шеба деп аталады.
34 Эсаў қырық жасқа толғанда, хет халқынан болған Беерийдиң қызы Яҳудитке ҳәм хет халқынан болған Элонның қызы Басематқа үйленди+.
35 Бул ҳаяллар Ысақ пенен Ребекканың басына көп қайғы салды.


Shu bobni eshitish:


Shu bobni tarjimada ko’rish


Kitoblar




kitap Qaraqalpaqsha Júklep alıw - Muxaddes Kitap Qaraqalpaq tilinde (latin 27mb .PDF)
Жүклеп алыў - Мухаддес Китап (кирилл 26mb .PDF)
Tawrat | Zabur | Injil (+audio)




ӘЖАЙЫП КИТАПТЫ ОҚЫҢ Муқаддес Китап.


1. Ең көп оқылатуғын китап - ҳәр жылы шама менен 80 миллион нусқада баспадан шығарылады

2. Мухаддес Китап 1600 жыл даўамында 40 тан артық авторлар тәрепинен жазылған ҳәм ҳеш қандай қарама-қарсылықларға ийе емес.

3. Инжил үш тилде (еврей, грек ҳәм арамей) ҳәм үш континентте жазылған.

4. Мухаддес Китап толық ямаса бөлеклеп 2377 тил ҳәм диалектке аўдарылған.


Bible Karakalpaksha Muxaddes Kitap Qaraqalpaqsha (latin 50mb .pdf)
Скачать - Мухаддес Китап (Қарақалпақ). (Таурат, Забур, Инжил) (51mb PDF)






















Muxaddes Kitap. Audio

Kitap Дүньяның жаратылыўы Matto Muqaddas xushxabar  Mark Muqaddas xushxabar  Luqo Muqaddas xushxabar  Yuhanno Muqaddas xushxabar  Havoriylarning faoliyati  Yoqubning maktubi  Butrusning birinchi maktubi  Butrusning ikkinchi maktubi  Yuhannoning birinchi maktubi  Yuhannoning ikkinchi maktubi  Yuhannoning uchinchi maktubi  Yahudoning maktubi  Rimliklarga maktub  Korinfliklarga birinchi maktub  Korinfliklarga ikkinchi maktub  Galatiyaliklarga maktub  Efesliklarga maktub  Filippiliklarga maktub  Kolosaliklarga maktub  1-Salonikaliklarga  2-Salonikaliklarga  Timo'tiyga birinchi maktub  Timo'tiyga ikkinchi maktub  Titusga maktub  Filimo'nga maktub  Ibroniylarga maktub  Yuhannoga ko'rsatilgan vahiy

Sharhlar


Sebebi Quday bul du'nyanı sonshelli su'ygenlikten, O'zinin' jalg'ız Ulın berdi. Onın' Ulına isengen ha'r bir adam nabıt bolmay, ma'n'gilik o'mirge iye boladı
Юхан 3:16


Фильмлер

Qaraqalpaqsha Фильмлер

Мультфильмлер

Qaraqalpaqsha Мультфильмлер

Фильмы на Каракалпакском

Qaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha KinoQaraqalpaqsha Kino

Инжил Онлайн – har doim tomondan Muqaddas Kitob (Injil) oddiy va samimiy versiyasiga ega istaganlar uchun sayt. Saytida kitob matn Xudoning Kalomini o'rganish yordam beradi va simfonik.